Усы атамада Нөкис қаласында болып өткен байрам тамашаларынан репортаж

Елимизде байрамлар көп. Деген менен бәҳәр, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған Наўрызды халқымыз асығыслық пенен күтип алады. Әзелден халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында бул байрамды кең түрде белгилеп келмекте.

 Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында  «Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам тамашаларында бул және бир мәрте өз көринисин тапты.

Музей әтирапы миллий қара үйлер, байрамды улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безелген. Байрам қатнасыўшыларына миллий қол өнериниң үлгилери, жас сүўретшилердиң көргизбеси инам етилди.

21-март. Саат 10.00. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев, республикамыз ҳүкиметиниң ағзалары, министрликлер менен шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, мийнет ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Байрам тамашалары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының студенти Меҳрибан Жийемуратованын атқарыўындағы «Бәҳәр келди» қосығы менен басланды.

Буннан кейин республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң, үлгили балалар ансамбльлери ағзаларының, түрли миллет ўәкиллериниң атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар жаңлады.

-Быйылғы Наўрыз байрамы маған айрықша қуўаныш алып келди,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Сапура Қаипназарова.- Бул тек маған емес, өзим билим алып атырғын университет жасларына берилген сыйлық деп есаплайман.

Президентимиздиң республикамызға, соның ишинде Мойнақ районына сапары ўақтында мен де ушырасыў бахтына миясар болды.  Арадан көп өтпей, қол урысы бойынша Азия чемпионы болдым.

Наўрыз ғәрезсизлик жылларында, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, елимизде жасап атырған барлық ўатанласларымыздың ардақлы және сүйикли байрамына айланды.

-Улыстың уллы күни Наўрызды Қарақалпақстанда байрамлаў бахтына миясар болдық,-дейди Әндижан ўәлаятынан келген Махмудахан Тулашева.-Байрам барлық жерлерде үлкен көтериңкилик пенен белгиленип атыр.

Байрам тамашалары халық сейиллери менен узақ даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.