Наўрыз байрамы ҳәр биримизге үлкен қуўаныш,  көтериңки кейпият бағышлап, елимизде кең түрде белгиленбекте.

21-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!» атамасындағы театрластырылған ҳәм әдебий-музыкалы- хореографиялық байрам тамашасы өткерилди.

Байрам майданшасы байрамға арналған ҳәр түрли баннерлер, рәңберәң гүллер, миллий нағыслар, шарлар менен безелип, өзгеше түрге енген. Бул  жерге қара үйлер тигилип, миллий кийимлер, буйымлар, тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилген.

Байрам тамашасында:«Бүгинниң жаслары-ертеңги келешегимиз қурыўшысы!», «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!», «Мәденият тарқалады Мойнақтан», «Байрамың мүбәрек, әй әзийз халқым!»  атамасындағы композициялар менен бирге балалар, спорт, фольклор, дослық, лаққылар, эстрада бөлимлери орын алған.

Концерт бағдарламасында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң қосықшылары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артислер, сондай-ақ, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби ҳәм қалалық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери талантлы оқыўшыларының атқарыўындағы «Наўрыз байрамы», «Бәҳәр», «Наўрыз сейли», «Бәҳәр гүллери», «Сүмелек» косықлары жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етип, оларға хош кейпият, көтериңки руўх бағышлады.

– Халқымыз Наўрыз байрамын ҳәр қашанғыдан да көтериңки руўхта күтип алмақта.  Минекей, елимиздиң барлық орынларында ертеден абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары қолға алынып, қайыр- сақаўат ислери әмелге асырылды. Бүгин майданшаға қара үйлер тигилип, әтирап рәңбәрәң гүллер менен оралған. Қыз-жигитлер сейилге шығып, ҳәммениң кеўлинде байрам кейпияты орын алған. Аналарымыз жақсы нийетлер менен қазанларда наўрызлық гөже, сүмелек қайнатып, миллийлигимизге сай спорт ойынлары үлкен ойын заўық пенен өткерилмекте,-дейди Нөкис қаласы турғыны  Қалбазар Қудайназарова. – Наўрыз елимизге қут-берекет, мол ырысқы несийбе алып келип, дийқанларымыздың еккен дәнлери мың болып, тыныш-татыў өмирде жасап,  байрамнан байрамға аман-саў жетип жүре бергеймиз.

Байрам тамашалары республикамыздың барлық орынларында  өткерилмекте.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы