21-март күни «Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!»  атамасындағы Наўрыз байрамына бағышланған театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам тамашалары пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында да көтериңки руўхта өткерилди.

Бул жердеги байрам тамашалары азанғы саат 10:00 да 1-санлы Есжан бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары, «Нәўше», «Ғумша» үлгили балалар қосық ҳәм ойын ансамбльлери, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театр жәмәәтиниң  атқарыўындағы «Ана диярыма хош келдиң, Наўрыз!» композициясы, аяқ-ойын ҳәм қосықлар менен басланды.

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти актёрлары, «Жайҳун» Мәденият орайының «Сәрбиназ» балалар ойын дөгереги, «Илме султан» қосық ҳәм ойын халық ансамбли, «Гүлдәсте» қосық ҳәм ойын халық ансамбли қатнасыўшылары, «Бәркамал әўлад» балалар орайы, Нөкис қалалық Мәденият бөлими, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы  бөлими, «Қырқ қыз» дуўтаршылар халық ансамбли солистлери, Нөкис районы «Ақмаңғыт таңы» фольклор ансамбли, Төрткүл районы  «Умид» эстрада халық ансамбли өзлери тәрепинен таярлап келген концерт бағдарламасы менен  бул жерде жыйналған халықтың хызметинде болмақта.

Сондай-ақ, бул жерде сол аймақта жайласқан мәкеме ҳәм шөлкемлердиң, қаламыздағы орта-арнаўлы билим бериў мәкемелериниң, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жәмәәтлери тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм үй-руўзыгершилик буйымларының көргизбелери қойылды.

Көл жанында қалалық спорт бөлими тәрепинен гилем жайылып, спорт мектеплери тәрбияланыўшыларының көргизбели шығыўлары болды. Гүрес, арқан тартысыў, тас көтериў жарыслары өткерилип, жеңимпазларға естелик саўғалары тапсырылды. Тамашагөйлер арасынан шыққан қәлеўшилер тас көтериў бойынша өзлериниң мүмкиншилигин сынап көрди.

Жыйналған халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде орайдағы барлық асхана, шайхана, кеўилашар мәкемелер, аттракционлар ҳәм парклер жумыс ислеп турды.

– Мен бүгин байрамды тамашалаўға ақлығым менен келген едим. Мине концерт көрип жақсы дем алып атырмыз. Бул жерге келген адамлар ушын барлық қолайлықлар бар екен. Ҳәзир концерттен шығып, ақлығымды бул жерде қурылған ҳәр қыйлы аттракционларға алып баражақпан. Илайым Наўрыздан-наўрызға аман-есен жете берейик. Елимиздеги барлық балалар бүгинги күндегидей ойнап-күлип жүре бергей. Балаларымыз бахтымызға аман болсын. Ҳәр күнимиз – Наўрыз болсын,-дейди аймақ турғыны Света Табылдыева.

Наўрыз халық сейили менен даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.