Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-март күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўдиң басында Президентимиз Қасым-Жомарт Тоқаевты Қазақстан Республикасы Президенти лаўазымына кирискени мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысында табыслар тиледи.

Бул Қазақстанның атақлы перзенти, Биринши Президенти Нурсултан Абишевич Назарбаев ҳәм пүткил Қазақстан халқының жаңа Президентке жоқары исениминиң айқын дәлили болып табылады.

Туўысқан еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары избе-из беккемленип атырғаны, стратегиялық шериклик қатнасықлары жаңа басқышта раўажланып, көп қырлы әмелий бирге ислесиў кеңейип баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланған 2018-жылы товар алмасыў көлеминиң рекорд көрсеткишлерине ерисилди, экономиканың түрли тармақларында жаңа кооперация жойбарлары әмелге асырылды, мәмлекетлеримиз арасында бизнес ҳәм аймақлар дәрежесинде сөйлесиў, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Быйылғы жылы Өзбекстанда өткерилетуғын Қазақстан жылы шеңберинде илажларға бай қоспа реже қабыл етилди.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қутлықлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди ҳәм жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге таяр екенин атап өтти.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары бәҳәр әййямы-Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исеним руўхындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, туўысқан еллеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы, пүткил регионның тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы умтылыслары исенимли екенин тастыйықлады.

ӨзА