Ҳәр қандай миллетти халық сыпатында танытыўда руўхыйлықтың тымсалы болған көркем өнер ҳәм мәденияттың тутқан орны гиреўли. Ески дәўирлерден саға алған театр көркем өнериниң бүгинги күнимизге шекем пүткил инсанияттың руўхый дүньясын  байытыўдағы қосқан үлеси салмақлы болып табылады.

XX әсир басларынан қәлиплескен қарақалпақ театр көркем өнериниң буннан былай да раўажланыўында көплеген дөретиўшилердиң исмлерин атап өтиўимизге болады.

Биз 27-март-Халықаралық театрлар күни байрамы алдынан өзиниң өмир жолын театрға, көркем өнерге бағышлаған пидайы инсанлар ҳаққында мағлыўмат берип өтпекшимиз.

Усындай инсанлардың бири, өмириниң ақырына шекем театрда хызмет еткен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы  музыкалы театрының актёры,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, марқум Шамурат Өтемуратов.

Белгили актёр Ш.Өтемуратовтың туўылғанына быйыл 90 жыл толды.

Оның өзине тән туўма таланты, ҳаўазы ҳәм тапсырылған рольлерди кәмине келтирип атқарыўы, халқымыздың кеўлинен терең орын алып, бүгинги күнге шекем умытылмай, халқымыз арасында мәңгиге жасамақта.

Шамурат Өтемуратов 1929-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик институтын питкергеннен соң ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы  музыкалы театрында актёр болып, өзиниң мийнет жолын баслады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы театрда хызмет етти.

Ол дөретиўшилиги даўамында көплеген қаҳарманлардың образларын дөретип, театр сахнасында өз жолына ийе мектеп жаратты.

Сондай-ақ, Ш.Өтемуратов халқымызға комик актёр сыпатында да танылды. Драмалық образларды да шеберлик пенен атқарды. Солардан: Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси» инде Скапен, Ж.Аймурзаевтың «Раўшан»ында Саттар, А.Бегимов, Т.Алланазаровлардың «Ғәрип ашық»ында Молла, С.Хожаниязовтың «Сүймегенге сүйкенбе»синде Шыраз молла, К.Рахмановтың «Келин»инде Дарымбет, «Жаралы жүреклер»инде Сапар ата, О.Әбдирахмановтың «Өжет»инде Матирза, Т.Минулинниң «Әзирейлини алдаған адам»ында Әльмендер, Г.Горинниң «Аты өшсин»инде Тессаферин қусаған образларын айрықша атап өтиў орынлы.

Сондай-ақ, ол Қарақалпақстан радиосында берилетуғын «Тикенек» сатиралық журналы ҳәм телевидениедеги телеминатюралардың тийкарын салыўшылардың бири болды.

Шамурат Өтемуратов мийирман инсан болып, өмирин қарақалпақ көркем өнерине арнаған, жас талантлылардың әдиўли  устазы.

Оның қарақалпақ театр көркем өнериниң раўажланыўына қосқан үлеслери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, 1957-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, 1963-жылы Қарақалпақстан халық артисти, 1977-жылы Өзбекстан халық артисти  ҳүрметли атақлары берилди. 1986-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

 Ш.Өтемуратов кино көркем өнеринде де жақсы рольлерди атқарып, халқымыздың сүйикли киноактёрына айланды. Оны көриўден жүзиңизге күлки жуўырып, ериксиз мыйық тартып турасыз.

 Ш.Өтемуратов арамызда болмаса да ол жаратқан образлар халқымыз кеўлинде мәңгиге жасайды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы