Ири ЕА2 астероиды Жерге жақын аралықтан ушып өтеди, деп хабар бермекте НАСА.

Атап өтилиўинше, астероидтың планетамызға максимал дәрежедеги жақынласыўы 22-март күни бақланады. Сол күни аспан денеси Жерден 305 мың километр узақлықтан ушып өтиўи болжанбақта. Бул аралық планетамыз бенен Ай арасындағы аралықтан дерлик 80 мың километрге азлаў.

Диаметри 18-40 метр болған астероидтың бир секунтдағы ҳәрекет тезлиги 5 километрди қурайды.

ӨзА