15-март күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында «Корея мәденияты күнлери» көргизбели кешесиниң ашылыўы болып өтти.

Бул мәденият күнлери – Нөкис қаласындағы Корейс миллий мәденият орайы ҳәм Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оны өткериўдеги тийкарғы мақсет – халықаралық мәдений байланысларды беккемлеў, Корея мәденияты менен жақыннан танысыў, көп миллетли халқымызды, әсиресе, жасларды Ўатан  сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдан ибарат.

Илажда елимиздиң ғәрезсизликке ерискеннен кейин Өзбекстан Республикасы ҳәм Қубла Корея арасындағы дипломатиялық қарым-қатнасықлар орнатылып, бул еки мәмлекет арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа сапалы басқышы жолға қойылғанлығы, сондай-ақ,  бул қатнасықлар Уллы Жипек Жолы дәўиринен берли Күн Шығыс мәмлекети менен Өзбекстан арасында мәдений, саўда-сатық қатнасықлары  орнатылып, бүгинги күни де табыслы ҳәм әҳмийетли орын тутып атырғанлығы мақтаныш пенен атап өтилди.

Көргизбели кешениң биринши күнинде мийманлар салтанатлы түрде күтип алынып, илаж даўамында Корея мәденияты бойынша қысқаша мағлыўматлар берилди ҳәм видео ролик  қойып берилди. Жыйналғанлар корейс художниклериниң дөретпелеринен ибарат 20 ға шамалас картиналарды тамашалады.

Сондай-ақ, корейцслердиң тәрепинен миллий тағамларын таярлаў бойынша шеберлик сабағы өткерилип,  оригами тағамы таярлап көрсетилди.

Илаж даўамында жыйналғанларға миллий липаслар көргизбеси  ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.

«Корея мәденияты күнлери» 16-мартқа шекем даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери агентлик шолыўшысы И.МАТЕКОВ тәрепинен түсирилди.)