Бүгинги күнде Президентимиздиң тиккелей басламасы менен қыйын экологиялық шараятта жасап атырған Мойнақ районы халқының турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген жағдайды жумсартыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Усы жыл 15-март күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Байрам Айтмуратовтың «Мойнақта бахыттың таңлары атты» атамасындағы драмасының премъерасы болып өтти.
Спектакльге Мойнақ районына қаратылған итибар, районда әмелге асырылып атырған ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары баслы тема етип алынған.
Драмада тийкарғы сюжет – елимизде, әсиресе, Мойнақ районында 2000-жыллардың басында жүз берген суўсызлық ҳәм жумыссызлық ўақыялары сөз етиледи. Қыйыншылық көрген халық өзиниң туўылып өскен жеринен көшип кетиўге мәжбүр болады. Драмада тийкарынан жасаў жағдайы қыйын болса да, келешегинен үмит күтип, «бул жер еле жақсы болып кетеди» деген исеним менен көшпей қалған, спектакльдиң бас қаҳарманлары Арзыгүл кемпир, майыплығы болған, қолы гүл уста Жәдигер (Арзыгүлдиң баласы) ҳәм келининиң басынан кеширген қыйыншылықлары, Мойнақ районының бүгинги күндеги тез пәт пенен раўажланып атырған процеслери өз сәўлелениўин тапқан.
Драманы сахналастырған режиссёр Ө.Бектурғанов. Онда театр актёрларынан А.Наўрызова (Арзыгүл), А.Раметуллаева (Арзыгүлдиң жас ўақты), Ж.Абыллаев (Жәдигер), Қ.Көбесова (Гүлжамал), И.Қунназаров (Асқар), П.Төлегенов (Аралбай), А.Өтепбергенова (Үмит), Р.Оразбаев (Кеңес аға) ҳәм басқа да актёрлар өзлерине тапсырылған роллерди шеберлик пенен атқарып шығып, тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.
Спектакль инсанларды сабырлы, кеңпейил, туўры сөзли болыўға шақырады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы