Қарақалпақстан аймағында жайласқан Топыраққала мәдений объектинде жалланба жумысшылар тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында социаллық тармақларда хабарлар тарқалған еди. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Мәденият министриниң орынбасары Камола Оқилова Kun.uz сайтына берген инвервьюсында мүнәсибет билдирди.

– Топыраққаладағы қурылыс жумыслары енди ғана басланған екен. Кеше бул ҳаққында хабарлар тарқалыўы менен жумыслар өз орнында тоқтатылды. Мәдений объектлер менен ислеўде бирден-бир системаның болмаўы көпшилик жағдайларда пәнт берип атыр. Биз ҳәр бир объектти илимий-методикалық кеңес додалаўынан өткериўге ҳәрекет етип атырмыз. Бирақ, жергиликли инспекция және өзбасымшалық пенен жумыс алып барған. Бул жумыс ушын көрсетпе берген адамды анықлаўға ҳәрекет етип атырмыз. Бул адам, әлбетте, тийисли тәртипте жуўап береди. Жақсы гәп пенен түсиндиргенде хызметкерлер түсинбей атырған екен, енди бундай жағдайларға қатаң түрде шара көрмесек болмайды.

Оқилованың билдириўинше, Топыраққала сыяқлы пүткил дүньяға белгили болған қалашаның консервацияланыўы оғада әҳмийетли мәселе, министрлик буның әҳмийетин жүдә жақсы түсинеди.

«Реставрация, консервация менен шуғылланатуғын шөлкемлер бизге дәслеп өз жойбарын усыныўы керек. Мынаў объекттиң алдынғы, ҳәзирги ҳәм реставрациядан кейин болыўы күтилип атырған жағдайы, деп жобасын көрсетсин», – деп атап өткен министр орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги