Ҳүкимет қарары менен Аудиторлық жумысын лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланғаны ҳаққында «Ҳуқыкый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Нызамға муўапық, лицензия Қаржы министрлиги тәрепинен бериледи.
Лицензия алыў ушын арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
- мийнет дәптершеси;
- жумысқа қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрықтың көширмеси.
Бурын, аудитор қәнигелик сертификатлары ҳәм бухгалтер халықаралық сертификатларының көширмелери, аудиторлық шөлкеми устав капиталының толық қәлиплестирилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжеттиң көширмеси де усынылған.
Арзаны көрип шығыў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси (202 мың 730 сум) муғдарында жыйым өндириледи ҳәм арза 15 календарь күнинде көрип шығылады.
Ең кем айлық мийнет ҳақының 10 есеси муғдарында, (бурын 4 есе еди) мәмлекетлик бажы төлегенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжет усынылғанынан ҳәм лицензия келисимине қол қойылғаннан кейин еки күнде лицензия бериледи.
Лицензия оның әмел етилиўи шекленбеген мүддетке бериледи.
Лицензия бериўден төмендеги жағдайларда бас тартылады:
- аудиторлық шөлкем тәрепинен ҳүжжетлер белгиленген тәртипте рәсмийлестирилмеген жағдайда усынылғанда;
- ҳүжжетлерде исенимсиз ямаса бузып көрсетилген мағлыўматлар бар болғанда;
- аудиторлық шөлкеми лицензия талаплары ҳәм шәртлерине муўапық болмағанында.
ӨзА