2019-жыл 14-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте депутатлар сиясий партиялардың 2018-жылдағы жумысларын қаржыландырыў дереклери ҳаққындағы есапларын тыңлады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатларында ҳәм Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар тийкарында барлық сиясий партиялар өзлериниң ис режелерин түп-тийкарынан қайта көрип шығып, жумысын жаңа руўхта даўам етпекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик әҳмийетке ийе ең тийкарғы мәселелерди шешиўде сиясий партиялардың орны сезилерли дәрежеде күшейди, орынларда халықты ойландырып киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў бағдарындағы жумыслары жеделлести. Партиялар электоратын тәшўишке салып атырған әҳмийетли мәселелерди терең үйрениў ҳәм унамлы шешим табыў жолларын излеўге байланыслы процесс пүткиллей өзгерди, орынланып атырған жумыслар сын көзқарастан талланбақта. Норма дөретиўшилиги, әсиресе, мәмлекетти жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыўдың турмыслық әҳмийетли мәселелерин белгилеп беретуғын, тиккелей әмел ететуғын нызам жойбарларын ислеп шығыўға итибар күшейтилди. Сиясий партиялар фракцияларының парлементтеги орны ҳәм тәсири артты. Олардың тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жумыслары үстинен нәтийжели парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўды өз фракциялары ҳәм ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларындағы топарлары жәрдеминде әмелге асырыў функциялары беккемленди.

«Сиясий партияларды қаржыландырыў ҳаққында»ғы нызамға бола, сиясий партия Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасындағы депутатлық орынлары санына қарап, өзиниң уставлық жумысын қаржыландырыў ушын мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў қәрежетлерин алыў ҳуқықына ийе.

Мәжилисте айрықша атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында сиясий партиялардың орны барған сайын арттырылыўы олардың жумысында финанслық тәртипти және де күшейтиўге итибар қаратыўды талап етеди. Бул, өз гезегинде, сиясий партиялардың балансына Мәмлекетлик бюджеттен келип түсетуғын қаржылар қәрежетлерин дурыс режелестириў, мақсетли жумсаўды талап етеди.

Сол себепли, мәжилисте атап өтилгениндей, сиясий партиялардың материаллық-финанслық ҳәм басқа да ресурслары олардың бағдарламалық мақсет-ўазыйпаларын әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Усылардан келип шығып, мәжилисте сиясий партиялар тәрепинен 2018-жылда қаржылардың мақсетли жумсалыўы ҳәм оларға байланыслы есаплардың ашық-айдынлығы қандай дәрежеде тәмийинленгени мәселесине айрықша итибир қаратылып, бул бағдардағы жумыслар ҳәр тәреплеме талланды.

Фракциялардың ағзалары атап өткениндей, бүгинги күнде Өзбекстанның барлық сиясий партияларында қадағалаў-тексериў комиссиялары нәтийжели жумыс алып бармақта. Олардың жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлары, соның ишинде, функциялары, ўазыйпалары ҳәм ҳуқықлары менен миннетлемелери анық белгиленген.

Депутатлар тыңлаў даўамында билдирилген пикирлерди есапқа алып, сиясий партиялардың 2018-жылдағы жумысларын қаржыландырыў дереклери ҳаққындағы есапларын мағлыўмат ушын қабыл етти.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине байланыслы басқа да мәселелер  додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети