Мойнақ районында Наўрыз байрамын көтериңки руўхта өткериў жобаластырылмақта. Жаңа өмир басланып атырған районда байрамды өткериўге қызғын таярлық көрилмекте. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

– Районда «NavrUZ» этнофестивалын өткериў ушын айырықша таярлық көрилмекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Асан Ниетуллаев. – Бул этнофестивалды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет, Мойнақ районында туризмди раўажландырыўға үлес қосыў ҳәм миллий дәстүрлеримизди көрсетиўден ибарат. Фестиваль тийкарынан район орайы – Өнерментлер аўылында өткериледи. Илаж қатнасыўшылары еки күн даўамында ҳәр қыйлы фольклорлық-этнографиялық ансамбльлердиң шығыўларын, миллий ойынларды ҳәм көргизбелерди тамашалаўы мүмкин.

Фестиваль мийманлары аймақта балықшылар, өнерментлердиң үйлери, миллий дәстүрлерге сәйкес тәризде үй мийманханаларының қурылған тамашалайды. Өнерментлер сол жерде кесте тоқыў, гилем тоқыў, қурақ қураў ҳәм басқа жумыслар менен шуғылланбақта.

Миллий дәстүрлерге бағышланған театрластырылған хореографиялық бағдарламалар сахналастырылыўы нәзерде тутылған. Сүмелек, Наўрызлық гөже таярланады. Шымбай районынан келген үй усталары болса қараүйлерди қурыў процесин көрсетеди. Қарақалпақстан Республикасы денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги миллий және халқымыздың тарийхы бай ат спорты ойынларын көрсетеди.

Фестиваль даўамында бир тәрепте миллий кийимлер модасы көрсетилип атырған болса, екинши тәрепте өнерментлердиң қол мийнетлериниң көргизбеси болып өтеди. Сейиллер шөлкемлестириледи.

Классикалық қосықлар атқарылып, қур әтирапында бақсы-жыраўлар терме-толғаўлар, дәстанлар атқарады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги