Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигинде балалар ушын және бир телеканал шөлкемлестириў ҳәм белгили кореец телерадиокомпаниясы – EBS менен биргеликте заманагөй билимлендириў медиа-контентлерин жаратыў имканиятлары додаланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда билимлендириўге байланыслы бағдарламалар сақланатуғын дата-орай шөлкемлестириў, министрлик қәнигелериниң Кореяның билимлендириў бағдарламалар узатыўшы системасында әмелият алып барыў имканиятларын көрип шығыў бойынша усыныслар билдирилди.

Мағлыўматларға қарағанда, бул телеканал тек ғана кеўил ашар бағдарламалардан ибарат болмайды, соның менен бирге, интерактив билимлендириў контентлери жаратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги