Усы жыл 1-3-март күнлери аралығында Ташкент қаласында 8-март-«Ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен елимизде биринши мәрте Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң басламасы менен  «Нафосат-2019»-ҳаял-қызлар спартакиадасы өткерилди.

Оған аймақлық басқышларда жеңимпаз болған ҳаял-қызлар республикалық басқышта спорттың баскетбол, волейбол, гандбол, стол тенниси, велоспорт ҳәм бадминтон түрлери бойынша өз-ара күш сынасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасынан спорттың велоспорт түри бойынша 25 жасқа шекемги ҳаял-қызлар арасында Гүлдана Бақбергенова биринши,  35 жасқа шекемги ҳаял-қызлар арасында Қарлығаш Бегжанова екинши, волейбол бойынша ҳаял-қызлар командасы биринши, гандбол бойынша орта улыўма билим бериў мектеплериниң қызларынан қуралған командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жуўмағында командалық есапта Ташкент қаласының спортшы ҳаял-қызлары (6 алтын, 1 гүмис медаль менен) биринши, Қарақалпақстан Республикасының спортшы ҳаял-қызлары (2 алтын, 1 гүмис, 1 қола медаль менен) екинши, бир алтын медаль менен Қашқадәрья ўәлаятының спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларын жәҳән спортының әпсанасы, жеңил атлетика бойынша еки мәрте Олимпиада ойыны жеңимпазы, көп мәрте  жәҳән рекордшысы Елена Исинбаева сыйлықлады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы