«Ҳуқықый ахборот» каналы 2019-жыл 1-мартдан баслап нызамшылықта қандай өзгерислер болатуғыны ҳаққында және бир рет еслетди.

Исбилерменлик, бизнес тараўында

Усы күннен баслап физикалық шахслар да  қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў менен шуғылланыўы мүмкин.

Бул ушын лицензия алыў ҳәм өлшемлери 1 гектардан артық болмаған шашыранды алтын кәнлеринен пайдаланыў ҳуқықын электрон аукцион арқалы сатып алыў талап етиледи.

oltin-2-1200x800_c.png

2019-жыл 1-марттан:

исбилерменлерди мәмлекетлик дизимнен өткериўде банк есап бетлерин аралықтан турып ашыўға рухсат бериледи,

тутыныўшыларды электр тәмийнатынан рухсатсыз үзгенлиги ушын экономикалық санкциялар қолланылады,

көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм кадастр есабын жүргизиў ушын арза экстерриториаллық принципи тийкарында (қәлеген жерден) берилиўи мүмкин,

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен исбилерменлердиң ҳүжжетлерине мөр басылыўын талап етиўи қадаған етиледи.

713c728445ae6d306908acc30e4a1434.jpeg

Социаллық тараў, төлемлер

«Мехрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларының басшылары ҳәм тәрбияшылары, халық билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының базалық тариф ставкасы 1-марттан баслап 1,5  есеге арттырылып, улыўма билим бериў мектеплери базалық тариф ставкасының  75 проценти дәрежесинде белгиленеди.

Буннан тысқары 1-марттан баслап шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) ҳәр бир бала ушын төленетуғын напақа муғдары 1,33 есеге көбейтилип 820 000 сумды қурайды, кейин ала инфляция көлеминен аз болмаған муғдарда арттырып барылады.

1-марттан баслап балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға, олар пенсия жасына толғаннан соң, егер оларда пенсия алыў ушын зәрүрли болған мийнет стажы болмаса, социаллық напақа төлеў бойынша тәртип күшке кирди.

 6Z1xBEaBCcVzl7zwm2YF4YbacNrsVrU4.jpg

 Мәмлекетлик хызметлер, мәлимлеме технологиялары

Пуқаралар 1-марттан баслап айлық мийнет ҳақылары ҳаққындағы мағлыўматларды Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан алыўы мүмкин.

Буннан тысқары, «Электрон жынайы-ҳуқықый статистика» бирден-бир мәлимлеме системасы да 1-марттан толық иске түсирилиўи керек.

Мектеплерге балаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў тәртиби басқышпа-басқыш енгизиледи.

3.jpg

Билимлендириў,нострификация

2019-жыл 1-марттан баслап төмендегилердиң билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлери тиккелей(арнаўлы сынақларсыз) тән алынады ҳәм нострификацияланады:

4.jpg

Өзбекстанда өз алдына бөлимлери болған сырт ел билимлендириў мәкемелеринде оқыған пуқаралардың,

ҳалықаралық рейтиңде 1000 орынды ийелеген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыған пуқаралардың,

министрликлер ҳәм мәкемелердиң жолламасы тийкарында сырт ел мәмлекетлери тәрепинен ажыратылан квоталар (грантлар) есабынан билим алған пуқаралардың,

1992-жыл 1- январьға шекем сырт ел билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирген пуқаралардың,

Жоқары билимлендириўде билим бериў сапасына кепиллик бериў Европа ассоциациасының толық ҳуқықлы ағзалары-ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен аккредитация етилген билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралар,

Америка Қурама Штатлары, Австралия Аўқамы, Израил Мәмлекети, Канада, Сингапур Республикасы, Корея Республикасы, Япония мәмлекетлеринде билим алған пуқаралардың,

министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен ажыратылған қаржылар есабынан сырт елде билим алған пуқаралардың.

 

ӨзА