Усы жылдың 26-февраль күни Ташкент қаласындағы Инҳа университетинде «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» II Республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Таңлаўдың дәслепки басқышында 4000 нан аслам экономика тармақларына пайдасы тийетуғын техникалық жойбарлар, рационализаторлық усыныслар, инновациялық исленбелер, ойлап табыўлар усынылды.
«Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» II Республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышында елимиздиң барлық аймақларынан усыныс етилген 300 ден аслам қатнасыўшылардың ҳүжжетлери ҳәм инновациялық жойбарлары Республикалық Экспертлер Кеңеси тәрепинен көрип шығылды және олардың презентациялары көрилип, кең түрде додаланды.
Жойбарлар арасынан 100 ең мүнәсип жойбарлар ҳәм олардың авторлары таңлаўдың жеңимпазлары сыпатында сайлап алынды.
Олар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети өзбек тили кафедрасының баслығы Шаҳло Юлдашева да бар екенлиги көпшилик жерлеслеримизди шексиз қуўанышқа бөледи.
– «Тил оқытыў теориясы ҳәм методикасының мәлимлеме технологиялары менен байланысы» атамасындағы өз жойбарымды таңлаўдың «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған ең жақсы бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базасы» номинациясына усындым. Көплеген жойбарлар арасынан 7 жойбар таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышына өткен болса, солардың арасынан жеңимпаз деп табылдым, – дейди «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған ең жақсы бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базасы» номинациясы жеңимпазы болған Шаҳло Юлдашева.
Таңлаўдың республикалық басқышында жеңимпаз болғанлар Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң диплом және естелик саўғалары менен салтанатлы түрде сыйлықланды.
Таңлаўдан соң жеңимпазлықты қолға киргизген 100 инновациялық жойбарларды әмелиятқа енгизиў бойынша мақсетли жумыслар әмелге асырылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.