Жынаятшылықтың ҳәм жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўының алдын алыў мақсетинде район орайындағы 9 орында видеобақлаўға алыўшы автоматластырылған камералар иске түсти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.
Жаңа технологиялар бул орынларда күни-түн «нәўбетшилик» етеди. Ишки ислер бөлими хызметкерлери бул камералар арқалы ҳәр қыйлы қағыйда бузыўшылықларды анықлап барады. Жылдың соңына шекем бундай камералар районның басқа да көшелерине орнатыў жобаластырылған.
Бақлаўшы камералар Ақмаңғыт гүзары менен Дарсан көшесиндеги кесилиспеден баслап районлық ишки ислер бөлими имаратына шекемги аралықтағы 9 орында жайласқан, деп хабар береди районлық ишки ислер бөлими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги