Ташкент қаласындағы «Миран» мийманханасында UNESCOның Өзбекстандағы ўәкилханасы, Уллы Британия елшиханасы, сондай-ақ Журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен «Өзбекстанда журналистлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм қәўипсизлик мәселелери» жойбары шеңберинде семинар-тренинг өз жумысын баслады.
Семинарда Халықаралық минез-қулық кодексиниң улыўмалық принциплери, Халықаралық әдеп-икрамлылық кодекси, ҒХҚ хызметкерлери менен кимлер қарым-қатнас жасауы мүмкин екенлиги, қәўипсизлик күшлери ағзасының сөйлеўи, журналист пенен сәўбетлесиў ушын ўәкил тәрепинен көрилетуғын қәўипсизлик илажлары сыяқлы мәселелер додаланды.
Халықаралық эксперт Пол Даудин Клевоның қатнасыўында өткерилген тренингде профессорлар, изертлеўшилер, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, журналистлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Бул семинар-тренинг 3 күн даўам етеди.
Назокат Ражабоева ӨзА