Турақ жайды ижараға алыў шәртнамасы бес жылдан артық болмаған мүддетке дузиледи.

Ҳүкиметлик қарар тийкарында Мәмлекетлик турақ жай фондындағы турақ жайларды ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый ахборот» каналы хабар берди.

Режеге муўапық, турақ жайды ижараға алыў шәртнамасы бес жылдан артық болмаған муддетке дүзиледи.

Турақ жай ажыратыў ҳаққындағы қарар ҳәм ажыратылып атырған турақ жайға көшип кириўге тийкар болған ордер тийкарында он күн ишинде шәртнама дүзиледи.

Мәмлекет турақ-жайынан пайдаланғаны ушын ижара ҳақы турақ жай майданынан келип шығып, турақ жайдың 1 кв.м. ушын Ташкент қаласында бир жылға ең кем айлық мийнет ҳақының 2 проценти, басқа ўәлаятларда 1 проценти муғдарында белгиленеди.

Ижара ҳақыны төлеў мүддети шәртнамада көрсетилмеген болса, ол ҳәр айда төленеди.

ӨзА