Ташкентте 26-февраль күни Жынаят излеў полициясы халықаралық шөлкеми – Интерполдың «Қалқан» жойбары шеңберинде терроризмге қарсы гүресиўде бирге ислесиў мәселелерине бағышланған халықаралық конференция болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Интерполдың бас секретариаты менен биргеликте шөлкемлестирилген конференцияда Аўғанстан, Әзербайжан, Бангладеш, Грузия, Непал, Қырғызстан, Мальдив атаўлары, Пакистан, Тәжикстан мәмлекетлериниң ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, сондай-ақ, БМШ Қәўипсизлик кеңеси, ШБШ Регионаллық антитеррорлық структурасы, ҒМДА Антитеррорлық орайы ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы ишки ислер министириниң орынбасары Акрамхон Бобохонов, Интерпол бас секретариатының ўәкили – Интерпол «Қалқан» жойбарының басшысы Пьер Жулян Руис шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, ҳәзирге күнде терроризмге қарсы гүресиўдеги халықаралық бирге ислесиў дүньяда тынышлыққа ерисиў жолындағы стратегиялық қатнас сыпатында баҳаланады. Өзбекстан трансмиллий ҳәм халықаралық жынаятшылық, терроризм және басқа да қәўиплерге қарсы гүресиўде халықаралық шөлкемлер менен жедел бирге ислесиўди жолға қойған. Мәмлекетимиз дүньяда тынышлыққа ерисиўге қаратылған басламаларды алға қойып, халықаралық ҳуқықый нормаларды ислеп шығыўда қатнаспақта, халықаралық басламаларды қоллап-қуўатлап келмекте.
Интерполдың «Қалқан» жойбары Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилген. Дәслеп жойбар қатнасыўшылары сыпатында Орайлық Азия мәмлекетлери атап өтилген. Бүгинги күнге келип шөлкемлескен, трасмиллий жынаятшылыққа, терроризмге қарсы гүресиўде нәтийжели есапланған жойбарды қоллап-қуўатлап атырған мәмлекетлердиң саны 20 дан артты.
Бул илаж да Интерполға ағза мәмлекетлердиң халықаралық терроризмге қарсы гүресиўдеги ҳуқықый ҳәм әмелий бирге ислесиў жумысының әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
– Бар қәўип-қәтерлерди инабатқа алған ҳалда, «Қалқан» жойбары Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери ушын мөлшерленген еки бөлимнен ибарат жумысты жолға қойған, – деди Пьер Жулян Руис. – Бул конференцияда ҳәр еки регион, соның менен бирге, Интерполға ағза басқа мәмлекетлердиң ўәкиллери қатнасып атырғаны трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги бирден-бир стратегияны додалаў, бул бағдардағы жумысты муўапықластырыў имканиятын береди.
Конференцияда қатнасыўшылар терроризмге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы өз баянатлары менен қатнасты.
Конференцияда дүньяда тынышлыққа қарсы қәўиплердиң күшейип баратырғаны, олардың алдын алыўда өз-ара тәжирийбе алмасыўларды жолға қойыў, кадрлардың маманлығын арттырып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Өзбекстан тәрепи ҳуқық қорғаў уйымларының усы бағдардағы жумысын раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.
Илаж даўамында жынаят ислегени ушын излеўде болған шахсларға көрилетуғын илажларды күшейтиў, жалланба әскерлер ҳәм олар тәрепинен жүзеге келген қәўиплер бойынша оператив мәлимлеме алмасыў, олардың қаржыландырылыўына байланыслы жағдайларға шек қойыў мәселелери додаланды.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы