2019-жыл 22-февраль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын буннан былай да жақсылаўға қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилисте күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламенттиң төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топары мәжилислеринде дәслепки тәризде қызғын додаланған еди.

Мәжилисте айрықша атап өтилгениндей, бүгин елимизде мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ҳәр тәреплеме, тез пәт пенен раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў, мәмлекетимизди модернизациялаў, барлық тараўды либералластырыў бойынша кең көлемли реформалар алып барылмақта. Бул ис-ҳәрекетлер жәҳән көлеминде де тән алынбақта. Атап айтқанда, соңғы бес жыл даўамында Өзбекстанның дүнья мәмлекетлеринде бизнес жүргизиўге жаратылған имканиятлар, қолайлықлар ҳәм олардың ҳуқық және еркинликлерин тәмийинлеўши нызамшылық нормаларын баҳалаўшы ең абырайлы халықаралық шөлкемлер – Жәҳән банки ҳәм Халықаралық қаржы корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабаты (рейтинг)дағы орны 2 еседен зыят жақсыланып, дүньяның 190 мәмлекети арасында 146-орыннан 2018-жылы 76-орынға көтерилди. Бирақ елимиздеги бизнес жүргизиў ушын жаратылған шараятлар халықаралық нормалар ҳәм стандартларға толық жуўап береди, деп болмайды. Бул болса, тараўдың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў ўазыйпасы аҳмийетли болып қалып атырғанын аңлатады.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары әне усы мәселеге қаратылғаны, мәмлекетимиздиң бизнес жүргизиў бойынша имиджин буннан былай да жақсылаўға хызмет ететуғыны себепли депутатлардың қызғын пикир таласына себеп болды.

Атап өтилгениндей, жойбарда «Бизнес жүргизиў» есабаты методологиясында қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыўға қаратылған талапларды нызам ҳүжжетлерине киргизиў нәзерде тутылған. Яғный, нызам жойбары менен киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, буннан былай юридикалық шахслардың көшпес мүлкин сатыў ҳаққындағы шәртнамасын нотариаллық тастыйықлаўдың мәжбүрий тәртибин және акционерлик ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң устав капиталының минимал баҳасына қойылған талапларды бийкарлаў ҳәм устав капиталының ең кем муғдарына байланыслы талапларды лицензия талаплары менен белгилеўге байланыслы нормалар киргизилмекте. Сондай-ақ, акционерлик жәмийетлери устав капиталындағы сырт ел инвесторының үлеси кеминде 15 процентти қураўы кереклиги ҳаққындағы талапты да бийкар етиў нәзерде тутылмақта. Акционерлик жәмийетлери тәрепинен қосымша акциялар шығарылыўында акционерлерге өзлериниң үлеслерин сақлап қалыўы ушын жеңиллетилген ҳуқық бериў, акционерлик жәмийетлери тәрепинен аудиторлық тексериўди  өткериў ушын аудиторлық шөлкемин таңлаў ўәкиллигин тек ғана акционерлердиң улыўма мәжилисине бериў нәзерде тутылып атыр.

Депутатлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи кәрханалардағы корпоративлик басқарыўды жақсылаў, миноритар акционерлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекетимизде исбилерменлик жумысын алып барыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға хызмет етеди.

Буннан кейин депутатлар «Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы қатнасыўшы мәмлекетлердиң Парламентлераралық Ассамблеясы ҳаққындағы Конвенцияны (Минск, 1995-жыл 26-май) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалады.

Атап өтилгениндей, ҒМДА қатнасыўшы-мәмлекетлердиң Парламентлераралық Ассамблеясы ҳаққындағы Келисимге муўапық мәсләҳәт институти сыпатында шөлкемлестирилген.

ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының ғәрезсиз мәмлекетлераралық шөлкем сыпатындағы статусы 1995-жыл 26-майдағы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы қатнасыўшы-мәмлекетлериниң Парламентлераралық Ассамблеясы ҳаққындағы Конвенцияға тийкарынан ҒМДА мәмлекет басшыларының Минск (Беларусь Республикасы) мәжилисинде толық белгиленген. 1996-жыл 16-январьдан күшке кирген бул конвенцияға ҒМДА қатнасыўшы-мәмлекетлердиң ҳәммеси ағза болып есапланады. ҒМДА ПА жумысында қатнасып атырған барлық мәмлекетлер бул ҳүжжетти ратификациялаған.

Депутатлардың көз қарасына бола, Өзбекстанның бул системада қатнасыўы ҒМДА қатнасыўшы-мәмлекетлердиң милий нызамшылығын жақынластырыўға қаратылған бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыў ушын тийисли механизмлерди жаратыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде түрли тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққындағы дүнья жәмийетшилигин мәлим етип барыўда әҳмийетли фактор болады. Ең әҳмийетлиси, парламентлер дәрежесинде турақлы байланыслар орнатыў ҳәм сырт елли шериклер менен нәтийжели қатнасықларды конструктивлик раўажландырыўда, мәмлекетимиздиң миллий мәплерин алға қойыўға қаратылған мүнәсибетлерди жеделлестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети