«Дарё»ның «Өзбектелеком»дағы исенимли дәрегиниң хабар бериўинше, ақырғы суткаларда «Facebook» социаллық тармағы ҳәм «YouTube» видеосервиси Өзбекстан бойлап әдеттеги режимде ислей баслаған.
Усы ўақытқа шекем олар не себептен ислемей қалғаны намәлим болып қалды.
«Facebook» ҳәм «YouTube» Өзбекстан жақсы ислей баслағаны, ҳәммеси өз орнына түскени ҳаққында хабарлар берилген болса да, буннан кейинги жағдайды ўақыт көрсетеди.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 2018-жылдың сентябрь айының басларында «Facebook»тан пайдаланыўда машқалалар жүзеге келген, октябрь айынан баслап болса «YouTube» порталына да жәрдемши қуралларсыз кириўдиң имканияты болмай қалған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги