Өзин Венесуэла Президенти деп жәриялаған Хуан Гуайдо твиттерде мәмлекет басшысы сыпатындағы биринши пәрманын жәриялады, деп жазбақта INTERFAX.RU.
Пәрман мәмлекетке гуманитарлық жәрдем киргизиўге, айырым мәмлекетлер менен байланысларды беккемлеўге ҳәм шегараларды ашыўға рухсат бермекте.
Венесуэлада январь айында президентликке сайлаў өткерилген, онда Николас Мадуро жеңип шыққан еди. Парламент баслығы Хуан Гуайдо сайлаўлар нәтийжесинен наразы болған ҳәм өзин президент деп жәриялады. Оны айырым батыс мәмлекетлери қоллап-қуўатлады ҳәм мәмлекет басшысы сыпатында тән алды. Мадуро болса өзиниң ҳуқықларынан ўаз кешпекши емес. Ол Гуайдодан сөйлесип алыўды талап етпекте.
Кейинги жылларда Венесуэлада экономикалық жағдай кескин жаманласқан еди. Күн көрис дәрежеси аўырласқаны, күнделикли өнимлердиң дефицити жүзеге келгени көплеген венесуэлалылардың қоңсылас мәмлекетлерге мигрант сыпатында шығып кетиўине себеп болды. Каракас ҳәм басқа да қалаларда узақ ўақыттан берли онлаған қурбанларға себеп болған тәртипсизликлер даўам етпекте.
Г.АЗИМОВА,
ӨзА