Россия Бас министри Дмитрий Медведев министрлер кабинетин Путинниң Федерал мәжилиске мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды рәсмий тапсырма күтпестен орынлаў ушын жумысқа кирисиўге шақырды.
ТАСС бас министрдиң «Мүрәжатта тилге алынған усындай мәселелер бар, оларды оператив әмелге асырыў зәрүр», деген сөзлеринен силтеме берген.
Еслетип өтемиз, Россия Президенти Владимир Путин 20-февральда, 15-мартта Федерал мәжилиске жыллық мүрәжат пенен шығады.
ӨзА