АҚШтың он алты штаты Президент Доналд Трамптың миллий айрықша декларациясына мәмлекеттиң Мексика менен шегарасына дийўал қурылыўына қарсы даўа арзасы менен судқа мүрәжат етти.
Калифорния Бас прокуроры Хавер Беркердиң баянатында келтирилиўинше, Трамп администрациясының ҳәрекетлери мәмлекет Конституциясына қайшы.
«Президент Трамп нызамларға ҳүрмет пенен қарамай атыр, – деди Беркер. – Ол шегара кризиси жоқ екенин биледи, оның айрықша декларациясы нызамсыз екенин биледи ҳәм ол бул ис судта көрилетуғын болса, жеңилиўи мүмкин екенин де тән алады».
Сондай-ақ, Беркер буннан бурынғы шығып сөйлеген сөзинде мәмлекет сонда да әскерий тараў, авариялар ўақтында жәрдем ҳәм басқа да мақсетлерге көп ақша жумсап атырғаны ҳаққында айтып өткен еди.
Калифорния штатының Президент уйымына қарсы даўа арзасына Колорадо, Коннектикут, Делавер, Гавайи, Иллинойс, Мейн, Мериленд, Мичиган, Миннесота, Невада, Нью-Жерси, Нью-Мексико, Нью-Йорк, Орегон ҳәм Виржиния штатларының прокурорлары қосылған.
ӨзА