2019-жыл 15-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекетимизде түрли тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе – «Ҳүкимет ағзаларының парламент алдындағы жуўапкершилиги күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы»ғы нызам жойбарын додалаў қызғын өтти.

Атап өтилегениндей, Президентимиздиң 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатына ҳәм 2019-жыл 28-январьдағы пәрманына муўапық таярланған бул жойбар менен ҳүкимет ағзаларын тайынлаў ҳәм тастыйықлаўдың жаңа тәртиби енгизилмекте. Атап айтқанда, Бас министрдиң биринши орынбасары, орынбасарлары, министрлер ҳәм мәмлекетлик комитетлери баслықларының кандидатурасы Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланғаннан кейин, Бас министрдиң усынысына бола Президент тәрепинен тастыйықланады. Ҳүкимет ағзасының кандидатурасы дәслеп Нызамшылық палатасында жуўапкер комитет, фракциялар тәрепинен дәслепки тәризде, соң Нызамшылық палатасында көрип шығылып, мақулланады. Талабан мәжилисте Министрлер Кабинетиниң ҳәрекетлер бағдарламасы менен өз-ара байланыслы болған перспективаға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бойынша ҳуқықый, социаллық, экономикалық, шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ҳәм перспективадағы ўазыйпаларды нәзерде тутатуғын өзиниң ҳәрекетлер режесин усынады.

Нызамшылық палатасы ҳүкимет ағзасының кандидатурасын бийкар еткен жағдайда, Бас министр көрип шығыў ҳәм мақуллаў ушын жаңа кандидатураны усынады. Ҳүкимет ағзасы Президент тәрепинен тастыйықланғаннан кейин өз ўазыйпаларын орынлаўға кириседи.

Соның менен бирге, жойбар менен Ҳүкиметтиң Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатынан келип шығатуғын тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы барысы ҳаққындағы есабатты усынады.

Додалаўлар ўақтында депутатлар усынылып атырған бул өзгерислер ҳәм қосымшалар Олий Мажлистиң әҳмийетли қарарларын қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў бағдарындағы жумысты күшейтиўге, сондай-ақ, ҳүкимет ағзаларының парламент алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Буннан соң депутатлар гезектеги мәселе – «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўға киристи.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис төменги палатасы депутатларының нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилген бул жойбар 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдараламаға муўапық ислеп шығылған.

Бизге белгили, усы жыл мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – парламентке сайлаўлар жылы болады. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң  сайлаў нызамшылығы 5 нызам менен тәртипке салынады. Бул болса ҳуқықты қолланыўда бир қатар қыйыншылықлар туўдырады. Буннан тысқары, сайлаў процеси ҳәм өны өткериўдиң тәртип-қағыйдалары және қағыйдаларының көпшилиги нызам дәрежесинде емес, ал Орайлық сайлаў комиссиясының реже ҳәм инструкциялары менен тәртипке салынады.

Усылардан келип шығып таярланған Сайлаў кодекси жойбарын жаратыў процесинде 20 дан аслам сырт еллердиң усы тараўдағы әмелий тәжирийбеси пуқта үйренилди. Кодекс жойбарының жәмийетшиликтиң додалаўын шөлкемлестириў мақсетинде 2018-жыл 19-июльде Олий Мажлис палаталары тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясы менен биргеликте Әмелий ҳәрекетлер режеси («Жол картасы») тастыйықланды. Оған муўапық, жойбар жәмийетшилик, экспертлер. илимий топарлар, әмелиятшылар, қәнигелер ҳәм халықаралық шөлкемлер экспертизасынан өткерилди. ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Венеция комиссиясы, ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң жуўмағы және пикир-усыныслары алынды. 2018-жыл 16-17-ноябрь күнлери Бухара қаласында өткерилген халықаралық конференцияда алынған усыныслар халықаралық экспертлердиң қатнасыўында додаланды.

Жойбар менен мәмлекетимиздиң Сайлаў кодексин тастыйықлаў усыныс етилмекте. Әмелдеги 5 нызамда сәўлеленген нормаларды бириктириўди нәзерде тутатуғын бул кодекс жойбары менен бир қатар жаңа жойбарлар да үйренилмекте. Соның ишинде, Нызамшылық палатасында депутатлық орынлар ушын Экологиялық ҳәрекет ўәкиллерине квота ажыратыў институты шығарып тасланбақта. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен халық депутатлары районлық (қала)лық Кеңеслерине талабан көрсетиў тәртиби бийкар етилмекте. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў тәртиби нызам менен тәртипке салынады. Мүддеттен бурын даўыс бериў ҳәм сайлаў күни даўыс бериў ушын бирден-бир сайлаў бюллетенин енгизиў арқалы «сайлаў қағазы» түсиниги шығарып тасланады. Сайлаўларды өткериў ямаса шөлкемлестириўдиң басқа мәселелери бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби киргизиледи. Сиясий партиялар тәрепинен қолтаңба жыйнаў процесинде сайлаўшылардың бир ямаса бир неше талабанларды ямаса партияларды қоллап-қуўатлап қол қойыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте. Даўыс бериў процесинде сайлаўшыларға бир неше белгилерден бирин қойыў имканияты бериледи. Даўыс бериў жуўмақлағаннан соң участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслар (даўысларды санап шығыў, протоколлар дүзиў ҳәм басқалар) анық көрсетилмекте. Сондай-ақ, Нызамшылық палатасына, жергиликли Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда бирден-бир сайлаў участкаларын дүзиў нәзерде тутылмақта. Бурын Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен тастыйықланған Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў тәртиби ҳаққындағы нызамды бийкарлап, бул мәселени нызам дәрежесинде белгилеў усыныс етилмекте.

Буннан тысқары, социаллық қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаятларды ислеген шахслардың сайлаўда қатнасыўын шеклеўши нормалар шығарып тасланбақта. Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланыўы белгиленбекте. Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңес депутатлығына талабанлардың исенимли ўәкиллериниң санын 3 тен 5 адамға шекем көбейтиў нәзерде тутылмақта.

Депутатлардың пикиринше, Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи ҳуқықты қолланыўда бир қатар қолайлықлар жаратады, сайлаў процеси ҳәм оны өткериў тәртип-қағыйдаларын толық нызамшылық, демократиялық ҳәм әдил тәризде өткериўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар ўазыйпасын атқарады.

Пикир-талас, қызғын додалаўлардан кейин бул нызам жойбары биринши өқыўда қабыл етилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети