Қарақалпақстанда турақ жайларға газ ийисиниң тарқалыўынан хабардар ететуғын үскене – газ ийиси детекторлары орнатылмақта. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

– Жаңа турақ жайлар қурылысында қолланыўға арналған газ ийисиниң тарқалыўында қәўипсизликти тәмийинлейтуғын қурылмалар алып келинбекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасының баслығы Азамат Давлетов. – Бул қурылма универсал қорғаныў қуралы болып, жаныўшы метан, пропан, бутан ҳәм зәҳәрли газ ийислерин автоматластырылған тәризде анықлап, белгиленген муғдары артып кеткен жағдайда арнаўлы клапан арқалы газди тармақтан үзип қояды. Нәтийжеде бөлмеге газ топланыўына жол қойылмайды. Бул үскене сызып шыққан газ қәўпи сапластырылғанға шекем ескертиўши даўыслы сигнал берип турады. Қурылма электр энергиясы менен ислейди. Егер электр тәмийнаты үзилип қалса, өзиндеги аккумлятор жәрдеминде 24 саатқа шекем еркин, яғный электр энергиясысыз үзиликсиз ислеўи мүмкин.

Аймақта әмелге асырылып атырған бул илаж Президенттиң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта. Қарарда 2022-жыл 31-декабрьге шекем жаңа турақ жайлар газоанализаторлар менен үскенелениўи кереклиги көрсетилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги