Иорданияның Ookla компаниясына қараслы болған Speedtest.net интернет-сервиси Speedtest Global Index ҳәр айлық рейтингди жәриялады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Рейтингде 2019-жыл январь айының жуўмақлары бойынша дүньядағы мобиль ҳәм сымлы интернет тезлиги ҳаққында мағлыўматлар бар.

Сервис рейтинге онлаған жаңа мәмлекетлерди қосқан, сол себепли көплеген мәмлекетлер, соның ишинде, Өзбекстанның позициялары төменлеп кетти.

Мобиль интернет тезлиги бойынша Өзбекстан 137 мәмлекет ишинде 129-орынды ийеледи (8,80 Мбит/с). Сымлы интернет тезлиги бойынша 177 орыннан 131-орынды бәнтледи (11,31 Мбит/с).

Усылайынша Өзбекстан рейтингде мобиль интернет бойынша 18 орын төменге, сымлы интернет бойынша 23 орын төменге түсип кетти.

Исландия мобиль интернет тезлиги бойынша (73,93 Мбит/с), Сингапур сымлы интернет тезлиги бойынша (197,94 Мбит/с) биринши орынды ийелеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги