Microsoft компаниясының киберқәўипсизлик жумыслары бойынша қәнигеси Крис Джексон Internet Explorer браузеринен пайдаланыў қәўипти деп хабар бермекте.

Қәнигениң билдирген пикирлери Windows IT Pro рәсмий блогында жәрияланған. Бул хабардың тарқалыўына браузердиң 2015-жылдан берли бир мәрте болса да жаңаланбағаны себепши болғанлығы айтылмақта. Яғный, браузер жаңа веб-стандартты көрмейди.

Крис Джексон өз пикиринде браузер усы тақылетте жаңаланбайтуғын болса, алдағы ўақытлары өз пайдаланыўшыларынан айрылатуғынлығын билдирип өткен.

Соның менен бирге, Internet Explorer’ди буннан былай браузер деп атамаў кереклигин жазып, пайдаланыўшыларды оннан пайдаланбаўға шақырған. Компания бул браузердиң даўамшысы сыпатында Microsoft Edge браузеринен пайдаланыўды усыныс еткен. Жақын ўақытларда бул браузер Windows 10, Windows 8, Windows 7, Mac, Linux операциялық системаларына да орнатылатуғын болады. Джексонның болжаўынша, Edge веб-стандартларды өзгертиў бойынша биринши орынға көтериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.