2019/2020-оқыў жылынан баслап Ташкент медициналық академиясында «Пульмонология» қәнигелиги бойынша магистратурада кадрларды таярлаў басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-февраль күни «Қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2019/2020-оқыў жылынан баслап Ташкент медициналық академиясында «Пульмонолия» қәнигелиги бойынша магистратурада кадрларды таярлаў басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Кейин ала басқа да медициналық жоқары оқыў орынларында да енгизиледи.

Сондай-ақ, қарарда 2019/2020-оқыў жылынан баслап «Фтизиатрия» ҳәм «Пульмонолия» қәнигелиги бойынша магистратура ҳәм клиникалық ординатурада кадрларды таярлаў тек ғана мәмлекетлик грантлар тийкарында әмелге асырылыўы белгиленди.

ӨзА