«Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетинде Австрия мәмлекетиниң дүньяға белгили «AVL» компаниясы менен өз-ара бирге ислесиў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Онда тийкарғы итибар биргеликте акционерлик жәмийет қурамындағы кәрханаларда заманагөй электротракторлар ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў мәселелерине қаратылды.
Тараў қәнигелери «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ қурамындағы кәрханалар тәрепинен ислеп шығаралып атырған 100 ат күшине ийе болған тракторларды толық электрлестириў бойынша сөйлесиўлер өткерди. Оған бола, 2019-жылдың ақырына шекем «AVL» компаниясы жаңа электротракторлардың концептуаллық жойбарларын таярлайды. Дәслепки үлгилер болса акционерлик жәмийет қурамындағы кәрханаларда 2021-жылы ислеп шығарылады.
– Бундай заманагөй трактор моделлери 180 киловаттлық электродвигательлерге ийе болады, – дейди «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы Мухтор Каримов. – Техникалар ҳәрекетленгенде дерлик шаўқым шығармайды. Соның менен бирге олары оңлаў аңсатласады. Сондай-ақ, бундай электротракторлардан пайдаланыў жанылғы және аўысық бөлеклер ушын үлкен қаржы жумсаўдың алдын алады.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы себепли тәбиятқа шығып атырған зыянлы газлардың азайыўына ерисиледи.
А.МУСАЕВ,
ӨзА