Жоқары оқыў орынларынының талантлы студентлерине берилетуғын стипендиялар ендигиден былай және биреўге көбейди. «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 2017-2021-жыллары гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў, гидроэнергетика тараўының қәнигели кадларға болған хақыйқый талабын есапқа алып, кәнигели кадрларды таярлаў процесин қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда талантлы студентлерди хошаметлеў мақсетинде стипендия енгизилген.

Бул стипендияны бириншилерден болып,Ташкент ирригация ҳәм аўыл-хожалығын механизациялаў инженерлери институтының бес студенти ийелеўге миясар болды. Олардың екеўи магистратура, үшеўи бакалавр бағдарында билим алмақта.

IMG_8681.JPG

Стипендиялардың муғдары ең кем мийнет ҳақының 6 есесин қурайды. Бул стипендия студенттиң институттан алатуғын стипендиясынан тысқары, бир жыл ишинде берип барылады.

«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң арнаўлы стипендиясын студентлерге бериў процесслери ашық-айдынлық тәризинде өткерилди. Стипендияға усынылған талабанлар институттың илимий кеңесиниң усынысы ҳәм жәмийетте дүзилген комиссияның белгиленген талаплары тийкарында анықланды.

Ташкент ирригация ҳәм аўыл-хожалығын механизациялаў инженерлери институтында өткерилген илажда студентлерге жәмийеттиң арнаўлы гүўалығы ҳәм пластикалық карточкалары тапсырылды.

ӨзА