Әдиллик министрлиги журналистлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын ҳуқықый темаларда оқыў курсларын шөлкемлестирмекте.

«Журналистика: ҳуқықый әмелият ҳәм көнликпелер» деп аталған бул оқыў курслары төрт контингент (баспасөз, телевидение, радио ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары)ти өз ишине алып, дәслепки оқыў курслары усы жылдың февраль айында өткериледи.

Оқыў курсларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша раўажланған мәмлекетлердиң әмелиятына сүйенген ҳалда оқыў бағдарламасы ислеп шығылды. Бул бағдарламаға тийкарынан оқыў-сабақлары еки күн  даўам етип, олар төмендеги модульлер тийкарында алып барылады:

ғалаба хабар қураллары жумысының ҳуқықый кепилликлери;

журналисттиң ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери;

мәлимлеме алыў ҳәм тарқатыў кепилликлери, мәлимлеме тарқатыўда инсанның абырайын, қәдир-қымбатын қорғаў ҳәм жуўапкершилик мәселелери;

нызам ҳүжжетлери жойбарларын таярлаў, додалаў, ҳуқықый экспертизадан өткериў ҳәм қабыл етиў. Нызамшылықты шолыў;

ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы реформалар, оны ғалаба хабар қураллары арқалы сәўлелендириў;

мүрәжатлар менен ислесиў. Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў мәселелери;

ҳуқықый материалларды таярлаўда журналисттиң юридикалық лексикадан пайдаланыўына байланыслы қағыйдалар;

ҒХҚ хызметкерлериниң Lex.uz нызам ҳүжжетлериниң электрон базасы менен ислесиўи;

журналист этикасы ҳәм әдеп-икрамлылық шегаралар;

коррупцияға қарсы гүресиўде ҒХҚның қатнасыўы.

Журналистлер ушын бул курслар турақлы тәризде әмелге асырылады.

 

Оқыў-сабақлары маман ҳәм тәжирийбели юрист ҳәм журналистлер тәрепинен интерактив ҳәм жедел сәўбетлесиўлер түринде инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда шөлкемлестриледи.

Бул курсларда билим алыў бийпул болып, қәлеўшилер төмендеги мәнзилге мүрәжат етиўи мүмкин: targibot@minjust.gov.uz.

Курс питкериўшилерине тийисли сертификат бериледи.

ӨзА