2019-жылдың 1-мартынан баслап шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) ҳәр бир бала ушын төленетуғын напақаның муғдары 1,33 есеге арттырылды. Енди напақа пулы 820 000 сумды қурайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февраль күни «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық:
- 2019-жылдың 1-мартынан «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларының басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшылары, сондай-ақ, барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының базалық тариф ставкасы 1,5 есеге арттырылады ҳәм ол улыўма билим бериў мектеплериниң тийислисинше басшы ҳәм педагогикалық хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының 75 проценти дәрежесинде белгиленеди;
- 2019-жылдың 1-октябрьинен «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашаларының басшы хызметкерлери ҳәм жоқары мағлыўматлы тәрбияшылар ҳәм барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелериниң жоқары мағлыўматлы тәрбияшыларын базалық тариф ставкаларының муғдарлары улыўма билим бериў мектеплериниң тийисли басшы ҳәм педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына теңлестириледи, онда айырым пәнлер терең үйретилетуғын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары ушын нәзерде тутылған үстеме бийкарланады;
Сондай-ақ,
- 2019-жылдың 1-мартынан баслап шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) ҳәр бир бала ушын төленетуғын напақаның муғдары 1,33 есеге арттырылып, 820000 сумды қурайды, кейин ала инфляция көлеминен аз болмаған муғдарда арттырып барылады;
- 2019-жылдың 1-октябринен баслап физикалық ямаса психикалық раўажланыўында кемшилиги болған балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерининиң басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы лаўазымлық мийнет ҳақысының 75 проценти муғдарында төленеди;
- ғамқор ҳәм қәўендер уйымлардың хызметкерлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы транспорт қәрежетлерин қаплаў ушын ҳәр айда 170 000 сум муғдарында компенсация төленеди, кеийн ала инфляция көлеминен кем болмаған муғдарда арттырып барылады;
- балалар үйлери, майып балалар ушын «Мүриўбет» интернат үйлери ҳәм туберкулёз кеселлигине қарсы балалар санаторийсының тәрбияшыларына тийисли категориядағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасының муғдарлары қолланылады;
- шаңарақлық балалар үйлериниң тәрбиялаўшы ата-аналарының базалық тариф ставкасы «Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбиялаўшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасының еки есеси муғдарында есапланады, онда мийнеттиң айрықша шараятлары ушын әмелдеги үстеме ҳақы бийкарланады ҳәм «Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбияшылары ушын белгиленген ҳәр жылғы мийнет дем алысларын, жеңилликлер ҳәм кепилликлер бериў тәртиби сақлап қалынады.
ӨзА