Жетим балалар ҳәм ата-анасының карамағынан айрылған балаларды қорғаўды күшейтиў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февраль күнги «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды қорғаўды күшейтиў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери шанарақлық ғамқорлық ҳәм қәўендерликлердиң түрли формаларын жаратыўға жәрдемлеседи. Сондай-ақ, 2019-жылдың 1-июнине шекем «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлериниң аймақлары ҳәм ханалары видеобақлаў камералары менен үскенелениўин тәмийинлейди. Видеожазыўлар арнаўлы архивте кеминде бир ай даўамында сақланыўы нәзерде тутылады.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлериндеги видеобақлаў камераларының техникалық жақтан сазлығын ҳәм үзликсиз түрде ислеўин, кейин ала оларды Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында архивлестириўди тәмийинлейди.

ӨзА