Тәрбияланыўшыларының саны 200 ден зыят болған «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 2 психолог штаты бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Халық билимлендириў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 1 психолог штат бирлиги, сондай-ақ, тәрбияланыўшыларының саны 200 ден көп болған «Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары ҳәм балалар үйлерине 2 психолог штат бирликлерин киргизеди.
ӨзА