Ташкент мәмлекетлик техника университетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Инновациялық раўажланыў министрликлери, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер менен биргеликте «ROBOT-UZ 2019» робототехника республикалық таңлаўы өткерилди.
Таңлаўдың мәмлекетлик басқышында жоқары билимлендириў мәкемелеринде мехатроника ҳәм робототехника бағдары бойынша билим алып, сабақ берип және кәрханаларда ислеп атырған 100 ден аслам жас 31 командаға бөлинген ҳалда 60 жойбары менен қатнасты.
«Пайдалы жумыс атқарыўшы роботлар» номинациясы бойынша 1-орын Ташкент темир жол инженерлери институтының студенти Абдулазиз Ботировқа, 2-орын Өзбекстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги институтының студенти Аҳрор Пардабоевқа, 3-орын Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң студенти Бобуржан Зайниддиновқа несип етти.
Сондай-ақ, «Робот – Сумо жарысы», «Мобиль роботлар жарысы», «Интеллекуталлық дәрежесин көрсетиў» сыяқлы номинацияларда жеңимпазлар сыйлықланды.
Гулноза Бобоева,
ӨзА