Ташкент қаласындағы Турин политехникалық университети қәнигелери тәрепинен абитуриентлердиң жоқары оқыў орынларына электрон тәризде ҳүжжет тапсырыўы ушын арналған «Universities.uz» бағдарламасы жаратылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Интеллектуал мүлк агентлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, бағдарлама Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары (мәнзиллер, телефон номерлери, факультетлер, тәлим бағдарлары, пропусклар ҳәм т.б.) ҳаққында мағлыўмат алыў, пайдаланыўшы ушын өз алдына аккаунт ашыў ҳәм ол қәлеген ўақытта өз ҳүжжетлерин электрон тәризде жибериўи және смс-хабар арқалы имтихан нәтийжелерин билиўи сыяқлы функционаллық имканиятларға ийе.

Сондай-ақ, бул бағдарлама арқалы дүнья жүзи бойынша грантлар, стипендиялар ҳәм жазғы мектеплер ҳаққында мағлыўматларға ийе болыў мүмкин.

Бағдарлама авторлары Аловиддин Исомитдинов ҳәм Нурлан Жолдыбаевқа гүўалық берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги