«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында автобусларға бақлаў камераларын орнатыў ҳаққында петиция жәрияланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Онда атап өтилиўинше, бул арқалы тәртипбузарлықлар, урлықлар ҳәм басқа бир неше кеўилсизликлердиң алды алыныўы ҳәм жәмийетлик транспортларда жүз берген ўақыяларға анықлық киргизилиўи мүмкин болады.

Мүрәжатта бул әмелиятты дәслеп Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында сынақ тәризинде қолланыў, егер сынақтан табыслы өтсе басқа аймақларға да енгизиў усыныс етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги