Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германия Федеративлик Республикасына рәсмий сапары халқымыз тәрепинен айрықша қанаатланыўшылық пенен бақлап барылды.

Себеби соңғы жылларда Өзбекстан менен Германия арасында түрли тараўларда байланыслар жедел раўажланып, жаңа мазмун менен байып бармақта.

Сапар даўамында қоршаған орталықты қорғаў мәселелери де көрип шығылды. Себеби, Арал машқаласының ақыбетлерин сапластырыўға Германия ҳүкимети де белсене қатнаспақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдан баслан Беруний районындағы Төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты аймағында Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен М.Зукков қоры, Хорезм Агро-мәсләҳәт орайы (КРАСС) менен биргеликте «Жерден пайдаланыўға экосистемалы қатнас  ҳәм Төменги Әмиўдәрья ағымында экосистемаларды сақлап қалыў» жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар басшысы Юлиан Шлюбахтың атап өткениндей, илаждың мақсети, жерден пайдаланыўға экосистемалық қатнас ҳәм биодиверсификацияны ислеп шығыў ҳәм қолланыў, экосистемалық хызметлердиң  ҳәм альтернатив түрде жерден пайдаланыўдың баҳаларын анықлаў, Төменги Әмиўдәрья биосфера резерватын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў болып табылады. Улыўма баҳасы 2,5 миллион евро болған жойбарды 2020-жылға шекем әмелге асырыў режелестирилген.

-Президентимиздиң сапары даўамында немис тили тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплердиң тармағын кеңейтиў, Германияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен байланысларды раўажландырыў бағдарында бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды,-дейди Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Марина Тажигалиева.-Мектебимизде немис тили оқыўшыларымыздың ең жақсы көретуғын пәнлеринен бири есапланады. Бул тосыннан емес. Себеби, 2009-2015-жыллар аралығында Ташкенттеги Гёте институты қәнигелери менен биргеликте мектебимизде Германия Федеративлик Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң «Мектеплер: келешек шериклери» (PASCH) жойбары әмелге асырылды. Усы дәўир ишинде мектебимиздиң директоры, немис тили пәни муғаллимлери ҳәм төрт көнликпе бойынша имтиханлардан жоқары нәтийжелерге ерискен 12 оқыўшы жойбардың қаржыландырыўында Германияда тил үйрениў орайында болып қайтты. Соннан еки оқыўшы бүгинги күни ҚМУдың шет тиллери факультетин немис тили қәнигелеги бойынша питкерип шыққан болса, төрт оқыўшымыз усы қәнигеликте билим алмақта.

Усы жылдың март айында Ташкенттеги Гёте институты қәнигелериниң республикамызға келиўи күтилмекте. Биз келешекте жоқарыда атап өтилген жойбар бойынша бирге ислесиўди даўам етттириў, солай етип, мектебимизде немис тилин тереңлестирип оқытыўды мақсет етип отырмыз.

Улыўма алғанда, Президентимиздиң Германия Федеративлик Республикасына рәсмий сапары мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме байланысларды буннан былай да раўажландырыўға, халықларымыздың мәпи жолында өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.