USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН -­ ЖАҢА ИМКАНИЯТЛАР РЕГИОНЫ

Қарақалпақстанды бурын тийкарынан Арал апатшылығы менен байланыстыратуғын еди, буған себеп, ғалаба хабар қуралларындағы ҳәр қыйлы гуманитар жәрдемлер, жердиң ҳәм ҳаўаның патасланыўы туўралы мәлимлемелер болды.

Бирақ, 20l8-жылдың жуўмақлары регионның еле де пайдаланылмай атырған потенциалы бар екенлигин көрсетти, басқаша айтқанда, бул жерде алдын қолдан бериглен имканиятларды қайта тиклеўге ҳәм илгери сүриўши тараўларды дүзиўге, шешилиўи тийис мәселелердиң шеңбери тек ғана экологиялық дағдарыс пенен шекленип қоймаўға толық шараятлар бар.

Өткен жылдың жуўмақлары, машқалалар ҳәм перспективалық жойбарлар туўралы толығырақ түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев айтып берди:

Кейинги жыллар ишинде Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен регионлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына, халықтың абаданшылығын көтериўге бағдарланған оғада күшли механизм иске қосылды. Қалалар ҳәм районларда суў, электр энергиясы ҳәм газ бенен тәмийинлениў дәрежеси жақсылана баслады, жаңадан кәрханалар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт мәкемелери, коммуникация тармақлары қурылмақта.

«Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланған 20l8-жылда Қарақалпақстанда баслы ўазыйпалар сыпатында жәмийетте молшылықты тәмийинлеўши исбилерменлердиң шеңберин кеңейтиў, турмысымыздың барлық саласын түпкиликли дәрежеде өзгертиўши технологияларды ҳәм идеяларды тартыў мәселелери белгиленип алынды.

Бул, өз гезегинде, Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында көплеген ири жоқары технологиялы кәрханаларды қурыўға, бәнтлик пенен қамтылыў дәрежесин кеңейтиўге мүмкиншилик берди. Мәселен, «Нукус Мед Тех» ЖШЖ медицина буйымларын, «Kegeyli-qog`oz» целлюлоза шығарып баслады, ал, «Globalfoodimex» ҳәм «Хожелиагросанаат» мийўе-овощ өнимлерин сортлаў ҳәм қадақлаў бойынша логистикалық орайды шөлкемлестирди. «Бустон мега текстиль» жип ийириў ҳәм джинсы гезлемесин шығарыўды өзлестирди.

20l9-жылы кир жуўыў машиналарын ҳәм турмыслық техниканы, суў ысытқыш үскенелерин, радиаторлар ҳәм электрошкафлар, медициналық шийше ыдысларын шығарыў, гөшти қайта ислеўши комплекслерди дүзиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў жуўмақланады.

Бул инабатлы ислер жеке мүлк секторының ҳәм халықаралық финанслық шөлкемлердиң көп миллиардлық инвестицияларының, сондай-ақ, банк кредитлери арқасында мүмкин болды. Регион капитал қойылмаларға қолай ҳәм пайдалы аймаққа айланды.

Бирақ, бул басламалар социаллық кейпиятқа жанапай рәўиште ғана өз тәсирин жасайды. Сонлықтан, халықтың машқалаларын ҳәм руўзыгершиликлерин мәнзилли түрде шешиў бойынша өз алдына жумыс жүргизилмекте. Төрт сектордың басшылары ҳәм ағзалары ҳәр бир шаңараққа кирип барып, адамларды толғандырып атырған мәселелерди шешпекте. 20l8-жылы 3l2l04 үй ҳәм квартираның (97,8 процент) мәселелери үйренилди ҳәм 33950 машқала анықланды, олардың көпшилик бөлеги сапластырылды, ал, қалғанлары болса «жол картасы»на киргизилди. Атап айтқанда, тийисли бағдарламалар шеңберинде 2l улыўма билим бериўши мектеп, 43 балалар бақшалары, 22 медициналық мәкемелер реконструкцияланды, 23l балалар майданшалары қурып берилди.

Қалалар ҳәм аўылларды абаданластырыўдағы биринши дәрежели мақсет ­ бул адамлардың разылығы, олардың ертеңги күнге болған беккем исеними болып есапланады.

Бунда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары әҳмийетли орын тутады, бул бағдарламалар ҳәзирги ўақытта 33 аўыл ҳәм мәҳәллелерди қамтыды.

7867 турақ жайлар оңланды, l46,6 километрлик суў өткизгишлериниң жағдайлары жақсыланды, 4l0 километрлик электр тармақлары тартылды, l94 трансформатор орнатылды, l836 жерде түнги жақтыландырыў пайда болды, буннан басқа, газ өткизгишлер, жоллар, социаллық объектлер реконструкцияланды. Нәтийжеде l45 мың турғынға сапалы коммуналлық хызметлер көрсетилип басланды. Бир қатар мәҳәллелердиң келбети танымаслық дәрежеде өзгерди, мысал сыпатында «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында тротуарлар ҳәм бәндиргилерден баслап инженерлик-коммуникациялық тармақларға шекем толығы менен жаңаланды.

Аўыллардың жаңаланыўын, бир қарағанда оншелли көзге тасланбайтуғын деталь болған шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизациялаў системасысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Бирақ, ҳәтте пайтахт аймағында да бундай машқалалар бар орынлар ушырасады. Бул мәселе Қарақалпақстанда қалай шешилмекте?

Ҳәммемизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети жанында «Тоза ҳудуд» МУК дүзилген. Бул шөлкемниң l4 районлық ҳәм қалалық филиаллары бар. Усы филиаллардың қарамағында шығындыларды жыйнаў бойынша l25 майданша, l34 бирлик арнаўлы техника жумыс жүргизип атыр.

Регионда экологиялық кластердиң жумысы жолға қойылды. Бул жойбардың басламашысы «Roodell Recovery» ЖШЖ болып табылады, бул кәрхана 35 бирлик арнаўлы техника, шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў бойынша 4,7 млн. долларлық технологиялық үскене сатып алды. Бул жерде l50 адам жумыс пенен тәмийинленди.

Солай етип, турғынлардың санитариялық тазаланыў хызмети менен қамтылыў дәрежеси 70,0 процентти қурады (20l6-жылы 2,2 процент болған). Ҳәзирги ўақытта l4 автогараж қурылмақта ҳәм 20 елатлы пунктте полигон дүзиў ушын үскене орнатыў әмелге асырылып атыр.

Халықтың абаданлығын тәмийинлеўши және бир әҳмийетли факторлардың бири ­ бул бәнтлик пенен қамтылыў дәрежеси. Бул бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

20l8-жылы прогноздағы l6422 жумыс орны орнына l7ll7 жумыс орны шөлкемлестирилди, соннан 5854 жумыс орны жасларға мөлшерленген. Бул бағдарда исбилерменлик ҳәм өнерментшиликтиң раўажланыўы үлкен мәдет болды. Мысал ретинде, «Нукус Мед Тех» ЖШЖде l97 адам, «Kungrad Textile»да l08 адам, «Мойнақ Аква санаат»та ­ l05 адам жумысқа орналастырылды. Бул жумысларды жеделлестириў мақсетинде 20l9-жылы мәнзилли бағдарламалар шеңберинде 4l7l7 жаңа жумыс орнын дүзиўди жобаластырып атырмыз.

Соны да атап өтиў керек, жаслар менен системалы түрде жумыс ислеўде, олардың исбилерменлик көнликпелерин арттырыўда Ҳүрметли Президентимиздиң 20l8-жыл 27-июньдеги «Yoshlar­kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманы әҳмийетли фактор болды. Мәселен, коммерциялық банклер тәрепинен l53 басламашының 20,8 миллиард сумлық жойбарлары қаржыландырылды. Мәмлекетлик ­ жеке меншик шериклик тийкарында 22 жаслар мийнет орайлары ҳәм «Молодые предприниматели» («Жас исбилерменлер») атлы еки коворкинг-орай пайда болды.

Және бир айта кететуғын механизм ­ бул ҳәр бир фермерге бир жумыссыздан бекитиў. Бундағы ҳәрекет принципи бийдай зүрәәти жыйнап болынғаннан кейинги босаған майданға қайта егис шөлкемлестириўден ибарат (қубла районларда бир гектардан ажыратылады, ал, басқа районларда ­ бес гектардан). Солай етип, l5l0 жаслар l577 гектар майдан алды.

Социаллық жойбарлардың кең қулаш жайыўы ҳәм келешек жобалары унамлы тәсир етеди. Бул процесслерде таяныш факторлардың бири болып районның санаат ҳәм инвестициялық потенциалы хызмет етеди. Усы жерде бизнес-жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлар туўралы айтып өтсеңиз…

20l8-жылы еки мыңнан аслам исбилерменлик субъектлери дүзилди. Арал бойы регионының социаллық-экономикалық раўажланыўын тезлетиў зәрүрлигин есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы салық жеңилликлерин ҳәм преференциялар бериў арқалы Қарақалпақстанның шетки районларында бизнести қоллап-қуўатлаўға айрықша дыққат аўдармақта.

Өткен жылғы дәўирде 8450 жойбарды әмелге асырыўға l,385 трлн. сум муғдарында кредитлер ажыратылды. Буннан басқа, «Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен» бағдарламасы тийкарында 3570 физикалық шахсларға қарыз қаржылары берилди.

Бул тек ғана мыңлаған жумыс орынларын дүзиў менен бирге, сондай-ақ, халықты керекли товар ҳәм хызметлер менен тәмийинлеўге де шараят жаратты. Атап айтқанда, Әмиўдәрья районында «Мохидин Шифо Мед» ЖШЖ клиника қурды, «Абескун Тур» саяхатшылар ушын Арал теңизи бойына сапар шөлкемлестирди, «Панаев Фармс» ФХ Қараөзек районында шарўашылық хожалығын дүзди.

Кейинги ўақытта экспорт көлеми районлар, қалалар ҳәм регионлар басшыларының жумысларының шешиўши өлшемлериниң бирине айланды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстандағы жетискенликлер қандай?

Ҳақыйқатында да, экспортлық имканиятларды кеңейтиў әҳийметли мәселелердиң бири болып есапланады. Сонлықтан, сыртқа товар шығарыўшы кәрханаларды шийки зат ҳәм кредит қаржылары менен тәмийинлеў системасы жолға қойылған. Бундағы мақсет, өзимиздиң өнимниң бәсекишилигин дүнья жүзилик базарда арттырыў ҳәм сырт ел валютасының түсимин көбейтиў болып есапланады.

Экспорттың көлеми 20l8-жылы 456 миллион долларды қурады. Оның тийкарғы үлеси химия санаатына туўра келеди. Соның менен бирге, сатыў базарын кеңейтиў жумысларына үлкен дыққат бөлип атырмыз. Өткен жылы жаңа базарлар аштық, олардан Грузия, Непал, Израиль, Египет, Нидерланды, Латвия, Иран ҳәм тағы басқа мәмлекетлерди атап өтсек болады. Оларға гүнжи, жип, мәш, лобия ҳәм басқа да өнимлер жеткизип атырмыз. Жаңа экспортлық товарлар қатарына көл дузы, кир жуўыў порошоги ҳәм қара гүнжи туқымы кирди.

Аўыл хожалығы өниминиң экспорты 2,4 есеге өсти, яғный, егер 20l7-жылы 9682 тонна мийўе-овощ өнимлери экспорт етилген болса, өткен жылы бул көрсеткиш 276l2 тоннаны қурады, ақшалай муғдары 9,8 млн долларға тең.

Пүткил елимиз Қарақалпақстанның сырт ел капиталын тартыў орайына айланып атырғанына үлкен қызығыўшылық пенен нәзер тасламақта. Бунда халықаралық бирге ислесиўдиң орны қай дәрежеде?

Регионымызда ҳәр қыйлы еллердиң инвесторлары болды, олар менен биргеликте бизнес-форумлар шөлкемлестирип атырмыз. Өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳаққында шәртнамаларға қол қойылмақта. Сырт ел капиталы қатнасында дүзилген кәрханалар саны l2lге жетти, олардан 35и 20l8-жылы дүзилди. Олар өз ишине фармацевтика, азық-аўқат, нефть-газ, жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў салаларын, сондай-ақ, хызмет көрсетиў тараўын қамтыйды.

Өз-ара бирге ислесиў белсендилик пенен Қытай, Қазақстан, Корея Республикасы, Россия, Уллы Британия, АҚШ ҳәм бир қатар басқа мәмлекетлердеги шериклер менен алып барылып атыр. Ең итибарлысы, тиккелей сырт ел инвестицияларының үлеси өспекте, 20l8-жылдың жуўмағы менен ол 70 миллион доллардан асты.

Сырт ел қойылмаларын буннан былай да көбейтиў мақсетинде 20l8-жыл l5-l6-ноябрьдеги сапарында Президентимиз тәрепинен берилген тапсырмаға муўапық, районларымызға елимиздиң Корея Республикасындағы, ҚХР, Япониядағы, Кувейттеги ҳәм Германиядағы елшилери бекитилди. Бул еллердеги шериклеслер менен 889,8 миллион долларлық 30 ири жойбарлар бойынша мәнзилли бағдарламалар тастыйықланды.

Бир мысал сыпатында айтсақ, Япониядан түсиўши қаржылар Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша басламаларды қаржыландырыўы бағдарланды, бул мәмлекеттиң компаниялары Мойнақ районында балық аўлаўшылықты раўажландырыўға қатнасады.

Айтып өтиў зәрүр, 20l9-2020-жыллары ll,283 триллион сумлық 793 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған, соннан l,052 млрд. долларлық сырт ел инвестициялары өзлестириледи. Усылардың арқасында ll735 жаңа жумыс орынлары шөлкемлестириледи.

Арал апатшылығын улыўмаинсаныйлық апатшылық десек, асыра айтқан болмаймыз. Теңиз аймағында қандай жумыслар алып барылып атырғанлығы ҳаққында айтып берсеңиз…

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев БМШтың Бас Ассамблеясының 72-сессиясында дүнья жүзилик жәмийетшилигиниң дыққатын Арал машқаласына және бир мәрте қаратты.

Дүнья жүзилик шөлкемлер Арал апатшылығына жоқары дыққат пенен қарамақта ҳәм Өзбекстан ҳүкимети менен биргеликте бул апатшылық ақыбетин жумсартыў ушын бир қатар илажлар көрип атыр.

Ҳүрметли Президентимиздиң өткен жыл l5-l6-ноябрьдеги республикамызға сапары ўақтында Арал бойы регионын раўажландырыў бойынша бир қатар үстин жойбарлар белгиленди. 27-ноябрьден баслап Арал бойы регионы ушын адамзат қәўипсизлиги бойынша БМШтың Траст фонды жумыс баслады, Арал бойының Халықаралық инновациялық орайы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта фонлқа дүньяның бир қатар еллеринен қаржылар түсип баслады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ҳәм Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районларының Экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымлары енгизилди.

Өзиниң сапары даўамында Елбасшымыз Мойнақ районында болды ҳәм халықтың турмыс жағдайлары ҳәм ҳәзирги экологиялық жағдайы менен тиккелей танысты. Бүгинги күнде районды комплексли түрде қайта қурыў, соның ишинде бурынғының орнын жаңадан, заманагөй район қурыўға бағдарланған Бас жоба исленип шығылды.

20l9-202l-жылларда жол-транспорт, инженерлик коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына l,5 трлн. сум тартыў белгиленген. Сондай-ақ, Мойнақ районын комплексли раўажландырыў шеңберинде 26 трлн. сумлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў күтилмекте.

Және бир баслы ўазыйпа ­ бул Арал бойы аймағында мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў. Бул мәселе теңиздиң кеўип қалған ултанын тоғайзарластырыў арқалы шешилмекши. Бул жумысқа елимиздиң барлық ўәлаятларынан l040қа шамалас адамлар өз техникалары менен қатнасып, туқым егиў ушын «АН-2» самолёты тартылды.

Ҳәзирги ўақытта 4l2275 килограмм сексеўил туқымы себилди. Егер бул истиң көлемин билгиңиз келсе, бундай муғдардағы жүк ушын l030 «Дамас» автомобили талап етиледи. l07l00 килограмм туқым жыйнаған пуқараларға l,4l5 млрд. сумлық мийнет ҳақы төленди. Шөлге шыдамлы өсимликлердиң нәлшелери, сондай-ақ, Наўайы, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларынан алып келинбекте.

Мен ойлайман, Арал ултанында алып барылып атырған ийгиликли ислер келешекте, әлбетте, өз жемисин береди. Мойнақ азада ҳәм сулыў қалаға айланады, ал, теңиз ултанында қалың тоғайлық пайда болады.

 

Сәўбетлескен: Муҳаммад ҚАРШИБАЕВ.

(«Правда  Востока» газетасының 20l9-жыл 22-январьдағы №14 (28977) саны).