Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 116-статьясына ҳәм «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамның 7-статьясына муўапық, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси алдында өз ўәкилликлеринен азат етилгенлиги мүнәсибети менен:

  1. Әмелдеги Өзбекстан Республикасының Министрлер Кабинети жаңа қурамдағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қәлиплестирилгенге шекем өз жумысын даўам еттирип туратуғыны белгиленсин.
  2. Бул Пәрман рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ