Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2003-жыл 21-ноябрдеги резолюциясына муўапық, 2004-жылдан баслап “9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни” сыпатында белгиленип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында басқарма баслығы, орынбасарлары, қәнигелери, исбилерменлик субъектлериниң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм блогерлердиң қатнасыўында 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланған “Ашық есиклер күни” өткерилди.

Онда салық уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берилди.

Бүгинги күнде салық уйымларының тийкарғы ўазыйпалары мәмлекеттиң салық сиясатын әмелге асырыў, салық бойынша қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етилиўин, салық ҳәм жыйымлардың дурыс есапланыўын, толық ҳәм ўақтында төлениўин тәмийинлеўден ибарат. Сондай-ақ, салық уйымларына пул қаржыларының нызамға қайшы айланысына шек қойыў, пуллы есап-санақларды әмелге асырыўшы юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден нақ пул түсиминиң толық ҳәм ўақтында тапсырылыўы бойынша үзликсиз қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм басқа да ўазыйпалар белгиленген.

Атап өтилгениндей, коррупция – айырым жәмийетлерде социаллық-экономикалық раўажланыўға кери тәсир көрсетиўши жынаят есапланады. Бирде-бир мәмлекет, бирде-бир аймақ, бирде-бир жәмийет коррупцияға карсы иммунитетке ийе емес ҳәм ол парахорлық, социаллық тутуныў ушын арналған товар ҳәм хызметлерди нызамсыз өзлестириў, жақын туўысқанлық, аймақшылық, сыяқлы көринислерге ийе. Коррупция исбилерменлик, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да көплеп тараўларға зыян жеткереди. Мәмлекет коррупцияласқан системада жақсы раўажлана алмайды. Себеби ол улыўма байлықтың қысқарыўына алып келеди.

Бүгинги күнде Коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетимизде жәмийет ҳәм мәмлекеттиң тийкарғы улыўмалық мақсетине айланды.

Салық хызмети уйымларында корруцияға қарсы гүресиў мәселелери Ѳзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында”ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-апрельдеги 320-санлы қарары менен тастыйықланған “Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети уйымларында хызмет ѳтеў ҳаққында”ғы Нызам, Салық комитетиниң ишки ҳужжетлери тийкарында әмелге асырылады.

Басқарма тәрепинен 2024-жылдың 10 айы даўамында 61 профилактикалық мәжилислер ѳткерилген. Сондай-ақ, 2024-жылдың 1-ноябринен 29-ноябрине шекем хызметкерлер арасында коррупция ҳәм басқа ҳуқықбузарлықларға қарата маўасасыз қатнасықты қәлиплестириўге қаратылған “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” ѳткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс ислеп турған исбилерменлик субъектлери арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылып, оларға салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен дәмегөйлик, коррупция жағдайларына жол қойылған жағдайда хабар бериўи мүмкин болған байланыс каналлары кѳрсетилген брошюралар тарқатылмақта.

Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында турақлы түрде үйрениў илажлары өткерилип, айыпкер хызметкерлерге тийисли жаза шаралары қолланылмақта.

Сондай-ақ, ушырасыўда салық басқармасы ҳәм оның бөлимлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы да мағлыўматлар берилди.

Илаж қатнасыўшылары салық басқармасында салық төлеўшилер ушын жаратылған шараятлар, салық уйымлары хызметкерлериниң жумыс процесслери менен танысты. Бүгинги күнде салық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң “кәрхана” ҳәм “мәҳәлле” кесиминде ислеў процесслери ҳаққында түсиниклер берилди.

Студент-жаслар салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң “Салықшы – исбилерменге көмекши” принципи тийкарында салық төлеўшилерге көрсетилетуғын хызметлери менен жақыннан танысты.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2024-жыл ушын бюджет түсимлерине белгиленген 2 триллион 850,9 миллиард сумлық прогноз көрсеткишлери усы жылдың 1-ноябрь жағдайына 2 триллион 437,4 миллиард сумға, яғный 85,5 процентке орынланды. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 120,5 процентке көбейген.

Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги