Президентимиздиң басламасы менен қоршаған орталықты көклемзарластырыў, экологияны жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларда бажыхана шөлкемлериниң хызметкерлери де белсене қатнаспақта.
“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсими шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери Төрткүл районындағы Анхорлы МПЖ аймағына 240 түп қәрели, ерик ҳәм шийе нәллерин егип бағ жаратты.
Бабаларымыз “Жақсыдан бағ қалады” дегениндей, елимиздиң экологиялық тазалығын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң миннетимиз. Солай екен, ҳәр бир егилген терекке айрықша итибар ҳәм меҳир берип, олардан үлкен бағлар пайда етиў саўаплы ис.
Улыўма миллий бағдарлама шеңберинде гүзги мәўсиминде басқарма тәрепинен жәми 14 мың мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў режелестирилген.
Бул бағдардағы жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги