Намәлим шахслар тәрепинен Uzcard.uz рәсмий сайтының интерфейси нусқаланып, UzCard төлем системасы атынан WEBSUM менен биргеликте акция шөлкемлестирилгени дизимге алынды. Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети хабар берди.
Рекламада көрсетилген мағлыўматқа бола, онда қатнасқан қатнасыўшылар өз карта номерлерин киргизип, пул муғдарын өткериў есесине усы жиберилген қаржыдан мәлим муғдарда процентлерге ийе болыўы нәзерде тутылған.
«Рәсмий түрде бул акция UzCard банклер аралық төлем системасы тәрепинен шөлкемлестирилмегенлигин мәлим етемиз. Ҳәзирги ўақытта компаниямыз тәрепинен бул алдаўшылық ҳәдийсеси бойынша тергеў жумыслары басланған болып, жақын күнлерде оның нәтийжелери бойынша Сизлерди хабарландырамыз», – деп жазылған компания хабарында.
Компания пайдаланыўшылардан доменлердиң атамасына айрықша итибар бериўди сораған.
«Бизиң рәсмий доменимиз Uzcard.uz. Домен атамасында қандайда бир ҳәриптиң өзгергени оның ҳақыйқый емеслигин билдиреди. Мәселен, Uzcard.org, Uzcard.com, Uzcard.info – улыўма басқа бетлер болып табылады.
Әҳмийетли хабар, ең соңғы жаңалық ҳәм акцияларға байланыслы мағлыўматларды тек ғана Uzcard.uz рәсмий сайтымыз ҳәм социаллық тармақлар арқалы билип барыўыңыз мүмкин».
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.