Уллы Британияның Steven Chilton Architects архитектуралық бюросы Қытай басқатырмасы үлгисиндеги өзгеше имарат салыўды жобаластырмақта.

Имарат Гуанчжоу қаласында салынады. Бул имарат үлкен шар тәризли болып, ишине 2 мың саяхатшы сыяды.

Конструкция темир бетоннан, сырты болса айна менен безеледи. Имаратты безеў ушын нағыслар жасалма интеллект жәрдеминде исленеди.

Мағлыўмат ушын, Steven Chilton Architects архитектуралық бюросы ең соңғы технологиялар жәрдеминде өзгеше өнер үлгилерин ислейтуғын дизайнерлер топары болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.