Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 28-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған Мурәжатында Мәмлекетлик бюджетти қабыл етиў ҳәм оның орынланыўын көрип шығыўға айрықша әҳмийет қаратыў  зәрүрлиги атап өтилип, бул жумысты жоқары профессионал дәрежеде жолға қойыў ушын Олий Мажлис жанында Мәмлекетлик бюджет басқармасын шөлкемлестириў ўазыйпасы алға қойылған еди.

Парламенттиң төменги палатасында өткерилген Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде бул мәселе ҳәр тәреплеме додаланды.

Ҳақыйқатында да, бүгин макроэкономикалық көрсеткишлерди терен таллаў, елимиз экономикасындағы сапа өзгерислерин, оның структуралық дүзилисин баҳалаўда, сондай-ақ, мәмлекетлик бюджет дәраматларының қәлиплесиўи ҳәм орынланыўы, қәрежетлердиң дурыс режелестирилиўи, бөлистирилиўи, мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын таллаўда парламент ағзаларының барлығында да профессионал дәрежедеги қатнас жасаў жетиспей атыр. Нәтийжеде сайлаўшылар ҳәм партиялар электораты алға қойып атырған машқалалар менен мәселелерди шешиўде белгили бир қыйыншылықлар жүзеге келмекте.

Олий Мажлис жанында бул басқарманың шөлкемлестирилиўи Мәмлекетлик бюджетти қабыл етиў ҳәм оның орынланыўын көрип шығыў процесслери жоқары дәрежеде ҳәм сапалы әмелге асырылыўында, депутатлардың бул бағдардағы жумысы жаңа басқышқа көтерилиўинде айрықша әҳмийетке ийе болады.

Бул бағдарда сырт ел тәжирийбелери де үйренилди.

Илажда бул мәселе терең талланып, бир қатар пикир-   усыныслар билдирилди.

Н.Насриев, ӨзА