Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рәсмий веб-сайты http://ndpi.uz сайтында институтта төлемли контракт муғдары бойынша толық ҳәм қосымша мағлыўматлар алыў ушын интерактив хызмет қосылды.

– Енди институтымызда төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер институттың контракт бөлимине барып жүрместен, рәсмий веб-сайтымыз арқалы контракт пулының өткени ямаса өтпегени, неше сум кемис ямаса зыят екенлиги бойынша толық ҳәм қосымша мағлыўматлар алыўы мүмкин болды. Сайттағы «Интерактив хызметлер» бөлимине «Төлемли контракт муғдарын анықлаў» бөлимин қостық. Бунда орайымыз инженер-программисти Турдыбай Машариповтың мийнетлерин айрықша атап өтиў керек. Енди студентлер контракт бөлимине келип, ўақыт сарплап жүрмейтуғын болды, – дейди институттың хабар технологиялары орайының баслығы Талғат Ескараев.

Институттың бухгалтериясы менен биргеликте төлемли контракта оқып атырған ҳәр бир студент ушын ID-номери жаратылды. ID-номери тек ғана студенттиң өзине белгили болып, ҳәр бир студент ID-номери арқалы контракт бойынша қосымша мағлыўматларды ала алады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.