Өзбекстанда төрт ай өтип «Facebook» ҳәм «VKontakte» социаллық тармақлары және «Youtube» видеохостинги ашылатуғын болды. Буған шекем бир неше саат интернетке жалғаныў бойынша машқалалар болғаны ҳаққында хабар берген едик.

Өткен жылдың гүзиниң басынан берли Өзбекстандағы интернет пайдаланыўшылары жоқарыдағы хызметлерге тек ғана VPN арқалы кирип атырған еди. Оларға не себептен жалғаныў мүмкиншилиги шекленгени намәлим болды (рәсмийлер телекоммуникациялық үскенелердиң жаңаланғаны ҳәм ICANN атама ҳәм доменлер бойынша интернет-корпорациясы криптографиялық гилтлериниң алмасқаны ҳаққында мәлим етти) деп жазады Газета.uz.

Басылымның Информациялық технологиялар ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлигиндеги хабар дәреги социаллық тармақларға қойылған шеклеў (блок) алып тасланғаны, бирақ бул ўақытша ямаса пүткиллей ме екенлиги бойынша айта алмайтуғынлығын мәлим еткен.

ИКТ министрлиги баспасөз хызмети ресурслар ашық екенлигин тастыйықлады. «Бул ресурслар, улыўма алғанда ислеп турыпты», – деди министрлик ўәкили.

Өзбекстандағы барлық интернет провайдерлери ҳәм операторлары интернетке «Өзбектелеком» компаниясы арқалы интернетке жалғанады.

Соның менен бирге, UMS мәмлекетлик мобиль операторына халықаралық телекоммуникациялық тармақларына тиккелей шығыў ҳуқықы берилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.