Ўзбекистон – Туркия: ҳамкорликнинг янги босқичи

Анкара, 25-октябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Анвар Самадов хабар етеди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуғонның мирәтине бола 2017-жыл 25-октябрь күни мәмлекетлик сапар менен Түркияға келди.

Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безелген Эсонбуға халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркия Республикасы Бас министриниң орынбасары Бекир Боздағ ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Шавкат Мирзиёев Аниткабир естелик комплексине барып, Түркия Республикасының биринши Президенти Мустафо Камол Ататүрктиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Сапардың тийкарғы илажлары Түркия Республикасы Президенти сарайында болып өтти. Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдуғон тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Өзбекистан менен Түркия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылды.

Түркия Республикасы Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алған. 1996-жылы еллеримиз арасында Мәңги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған.

Өзбекистан менен Түркияның бирге ислесиўи еки тәреп ушын да пайдалы. Елимиздиң базары, барған сайын еркинлесип атырған экономикасы, қолайлы инвестициялық орталығы Түркияны қызықтырады. Усы елдиң раўажланған санааты, транспорт коммуникациялары, теңиз жоллары, аўыл хожалығы ҳәм туризм потенциалы Өзбекстанға пайда келтиреди.

2016-жыл ноябрьде Президент Режеп Таййип Эрдуғонның елимизге сапар етиўи Түркия Өзбекистан менен бирге ислесиўди беккемлеўден мәпдар екенин көрсетти. Мәмлекет басшылары усы жылы 14-май күни Пекинде өткен «Бир мәкан, бир жол» форумы, 10-сентябрь күни Астана қаласында болған Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша саммити шеңберинде сөйлесиўлер өткерди. Сондай-ақ, сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясы шеңберинде ушырасты.

Еллеримиз арасында түрли дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер жеделлести. Усы жылдың өзинде Түркия Республикасы Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри, миллий қорғаныў министриниң басшылығындағы делегациялар Өзбекистанда, елимиздиң Бас министри орынбасарлары, қорғаныў министри басшылығындағы делегациялар Түркияда болды. Бир қатар қоспа илажлар менен форумлар өткерилди. 25-май күни пайтахтымызда болып Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекистан – Түркия ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилиси, 30-сентябрь Ташкентте ҳәм  6-октябрь күни Стамбулда өткен бизнес-форумларда бирге ислесиўдиң көплеген перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.

Президентлер сөйлесиўди еки елдиң рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам еттирди. Сөйлесиўде саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм, илим ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Түркия Өзбекистанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири. 2016-жылда өз-ара саўда көлеми 1,2  миллиард АҚШ долларын қурады. Усы жылдың тоғыз айында товар алмасыўдың көлеми 29 процентке артты. Елимизде Түркияның 500 ге жақын фирма ҳәм компаниясы жумыс алып бармақта. Усы жылдың өзинде елимизде усы елдиң инвестициясының қатнасыўында 20 дан аслам кәрхана дүзилди, 53 компанияның ўәкилханалары аккредитация етилди.

Сөйлесиўде өз-ара шерикшиликте еле пайдаланылмаған имканиятлар көп екени, бул сапар етиў еки елдиң министрликлери менен ведомстволары, исбилермен шеңберлери арасында байланыслардың раўажланыўына жаңа пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

Еки елде өтимли болған жоқары қосымша қунлы өнимлерди жеткерип бериў ҳәм узақ мүддетли инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы өз-ара саўда көлемин турақлы арттырып барыў ҳәм диверсификациялаў бойынша бирдей пикир билдирилди. Атап айтқанда, Өзбекистан кең түрдеги санаат өнимлери, трансформаторлар, кабель өткизгишлер ҳәм басқа да электротехника товарлары, полимерлер, мыс ҳәм мыс өнимлерин, минерал төгинлер, ийирилген жип, мийўе-овощ, қайта исленген азық-аўқат ҳәм басқа да өнимлерди экспорт етиўи мүмкин. Усы мақсетте Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекистан – Түркия ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилислерин турақлы жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекистанда Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, бәринен бурын, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарында минерал ҳәм шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў тийкарында жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў хошаметленеди.

Энергетика ҳәм пайдалы қазылмалар, соның ишинде, қайта тикленетуғын энергия, энергияны үнемлеў ҳәм углеводород салаларында бирге ислесиўдиң имканиятларын үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў қоллап-қуўатланды.

Транспорт ҳәм логистика мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Еллеримизди бир-бири менен байланыстыратуғын транспорт жолларын кеңейтиў саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўында әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди. Еки елдиң аймағы арқалы өтетуғын халықаралық транспорт жолларының бәсекиге шыдамлылығын ҳәм тартымлылығын арттырыў мақсетинде транзит тарифлерин оптималластырыў ҳәм преференциялар бериўге келисип алынды.

Мәмлекет басшылары Самарқанд ҳәм Стамбул қалалары арасында туўрыдан-туўры пәрўазларды жолға қойыў бойынша ерисилген келисимди қанаатланыўшылық пенен атап өтип, пуқара авиациясы саласындағы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, турақлы пәрўазлар санын арттырыў ҳәм жаңа пәрўазларды жолға қойыў тәрепдары екенин тастыйықлады.

Өзбекистан да, Түркия да туризм саласында үлкен имканиятларға ийе. Бул потенциалдан толық пайдаланыў, туристлер алмасыўын арттырыў үлкен экономикалық нәтийже береди.

Президентимиздиң жақында қабыл етилген Түркия Репсубликасы пуқаралары ушын виза тәртибин әпиўайыластырыўға байланыслы қарары бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды. Қарар тийкарында исбилерменлик ҳәм туристлик мақсетинде Өзбекистанға келиўди қәлеген Түркия пуқаралары ушын визалар тез ҳәм аңсат бериледи.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық билимлендириў салаларында, жетекши изертлеў орайлары арасында тәжирийбе алмасыў және профессионал кадрлар таярлаў бағдарында бирге ислесиў де үлкен әҳмийетке ийе.

Еллеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша тәреплердиң позициялар бир-бирине уқсас ямаса жақын.

Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық дәрежеде тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў тилегинде екенлигин атап өтип, көп  тәреплеме структуралар  шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылатуғынын билдирди.

Тәреплер халықаралық терроризм, диний экстремизм, нызамсыз миграция, наркотиклердиң нызамсыз айланысы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, сондай-ақ, басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме структуралар шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Тоғай хожалығын раўажландырыў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, топырақ деградациясына ҳәм шөллениўине қарсы гүресиў бағдарында тәжирийбе алысыўға таяр екенликлерин билдирди.

Илим, билимлендириў, мәденият салаларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылды.

Түркия Өзбекистанда уллы ойшыллардың мийрасын үйрениў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўге қаратылған басламаларды ҳәм әмелий жумысларды жоқары баҳалайды. Самарқандта қурылып атырған Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ташкентте шөлкемлестирилип атырған Ислам цивилизациясы орайы бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе. Илимпазлар ҳәм илимий орайлар арасындағы байланыслар, руўхый ҳәм мәдений мийрасты биргеликте үйрениўге қаратылған жойбарлар халықларымыздың дослығын буннан былай да беккемлеўге үлес қосады.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекистан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиўдиң түрли салаларына байланыслы 20 дан аслам ҳүжжетке қол қойылды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдуғон мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўине қол қойды.

Сондай-ақ, саўда, санаат, банк-қаржы, инвестиция, туризм, жүк тасыў, денсаўлықты сақлаў, кадрлар таярлаў, қорғаныў ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди  раўажландырыўға байланыслы бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдуғон сөйлесиўлер өз-ара түсинисиў ҳәм ҳүрмет руўхында өткенин, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекистан Республикасы менен Түркия Республикасы арасындағы узақ перспективалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Түркия Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА